Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.04.2019 10:27
  • 1406

Мойнақта «Әжинияз бағы» жаратылды


Қарақалпақстанның Мойнақ районында қарақалпақ классик шайыры Әжинияз Қосыбай улы естелигине бағ жаратылды. Бул бағдың жаратылыўына Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының профессоры Кеңесбай Алламбергенов басшылық етпекте.
– Ҳәр жылы институтымызда Әжинияз күнлери болып өтеди. Усы жылы да классик шайырымыздың күнлерине бағышланған бир қатар илажлар режелестирилген. Ҳәр жылдағы өзгеше түрде, быйыл биз Мойнақ районында «Әжинияз бағын» жаратыўға қарар еттик, – дейди профессор К.Алламбергенов.
Бағ Мойнақ районы «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Шағырлы аўылында 0,5 гектар жер майданында жаратылды. Ол жерге 400 ден аслам жаңадан ҳәр түрли мийўе-овощ нәллери егилди.

Бул аўылда өткен жылы Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты және усы институттың Нөкис ҳәм Ферғана регионаллық филиаллары тәрепинен «Қоқанд бағы» жаратылған болса, быйыл Өзбекстан Миллий университетиниң оқыў-илимий полигоны, яғный, студентлер бағы да жаратылды. Сондай-ақ, Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты да усы ийгиликли иске өз үлесин қосқан еди.
Ҳәзирги ўақытта егилген нәллердиң 80 проценти көгерип, бөртик жарған.
– Биз соңғы жылларда, атап айтқанда, усы жылы январь айынан баслап Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң басшылығында Мойнақ районын абаданластырыў ҳәм оның халқын социаллық қорғаў бойынша алып барылып атырған жумыслардан шексиз миннетдармыз, – дейди «Бозатаў» АПЖ баслығы Жумабай Нурымбетов. – Президентимиздиң басламасы менен Аралдың қурып қалған майданына сексеўил туқымлары егилип, ол жерлерди жасыл қапламалар зонасына, көклемзарлыққа айландырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар халқымыздың руўхын көтерип жиберди. Мине, бәҳәр келиўи менен қыстың қақаман суўықларында еткен мийнетлери зая кетпей, себилген сексеўил туқымлары «өнип шығып», ийнедей жерден қадалып шықпақта.
Жаңадан жаратылған «Әжинияз бағы»н Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Қарақалпақ әдебияты кафедрасы ҳәм усы қафедра жанында шөлкемлестирилген «Зийўар» (шайырдың лақабы) әдебий дөгерегине ағза студентлер өз ғамқорлығына алған.

«Әжинияз күнлери» шеңберинде бул институттың бир топар профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери, кең жәмийетшилик ўәкиллери Мойнақ районы аймағында жайласқан уллы шайырдың қәбирине ҳәм мақбарасына зыярат етти.
Еслетип өтемиз, усы жылы қарақалпақ халқының уллы шайыры Әжинияз Қосыбай улының 195 жыллығы белгиленеди. Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 7-13-апрель күнлеринде өткерилип атырған бул илаж шеңберинде илимий-әмелий әнжуман өткерилиўи, «Зийўар» атлы ҳүжжетли фильмниң премьерасы болып өтиўи режелестирилген.

Е.Қанаатов, ӨзА

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

    Әжинияз шайырдың 200 жыллығы мүнәсибети менен шығармалары түркмен тилине аўдармаланып китап ҳалында басылып шықты. Онда

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры тайынланды

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры тайынланды

    Бүгин, 5-декабр күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында шөлкемлестириў мәселелерине арналған жыйналыс болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасында биринши алтын кәни өзлестирилди

Қарақалпақстан Республикасында биринши алтын кәни өзлестирилди

    Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтың Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында мәмлекетимиз басшысы аймақта әмелге асырылып атырған инвестиция