Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.04.2019 11:45
  • 977

Karinform.uz сайтына 2 жыл: мақсет, дәрек, редакторлар ҳәм перспективалар



Karinform.uz сайтының жаратылғанлығына бүгин, 13-апрель күни 2 жыл толды. Усы ўақыт аралығында биз бенен бирге болып, қоллап-қуўатлап, кемшиликлеримизди дүзетип турғаныңыз ушын миннетдаршылық билдирген ҳалда, сайт туўралы қысқаша мағлыўматларды келтирип өтсек.

МАҚСЕТ

Сайтты жаратыўдағы тийкарғы мақсетимиз:
- жәмийетшиликке елимизде жүз берип атырған ўақыяларды оператив түрде жеткерип бериў;
- жәмийетте ушырасып атырған кемшиликлер, машқалаларды нейтраль түрде сәўлелендириў;
- жақын келешекте интернетте өз тили қәлиплеспеген тил өли тиллер қатарынан орын алатуғынлығын есапқа алған ҳалда, интернетте информацияларды ҳәм мағлыўматларды қарақалпақ тилинде сәўлелендириў;
- мағлыўматлар, мақалалар арқалы ғалабалық билимлендириўге аз да болса үлес қосыў ҳ.т.б.

ДӘРЕК

Karinform.uz сайты telegram, Instagram, facebook, odnоklassniki социаллық тармақларындағы каналлары арқалы да жаңалықларын тарқатып бармақта.

Karinform.uz сайтына 2 жыл: мақсет, дәрек, редакторлар ҳәм перспективалар

РЕДАКТОРЛАР

Бүгинги күнде сайтта 2 журналист өз искерлигин жүргизип келмекте.

Ислам Матеков

Сайт редакторы болыў менен бир қатарда ҳәзирде Қарақалпақстан хабар агентлигинде шолыўшы, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында баспасөз хаткери лаўазымларында ислеп келмекте.

Сахибжамал Есемуратова

Сайт редакторлығы менен бирге ҳәзирде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының докторанты.
«Журт келешеги», «Жылдың ең белсенди жас журналисти» таңлаўларының жеңимпазы.
«Қарақалпақ нақыл-мақаллары ҳәм олардың өзбек-рус-инглис тиллериндеги эквивалентлери», «Қорақалпоқ халқ эртаклари» (аўдарма), «Глобалласыў шараятында социаллық тармақлардың орны», «Қарақалпақстанлы белсенди журналист ҳаял-қызлар» китапларының авторы.

ПЕРСПЕКТИВАЛАР

Сайттың дизайнин заман талапларына сәйкес өзгертиў, логотип жаратыў, халықтың арасына және де тереңирек кирип, олардың машқалалары менен танысыў, информацияларды оператив түрде жеткериў ҳәм тағы да басқа ийгиликли ислерди әмелге асырыўды жобаластырмақтамыз.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылады

Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылады

    Аўыл хожалығы қамсызландырыўына байланыслы жаңа илажлар: ➖ Зыян муғдары ғәрезсиз экспертлер тәрепинен баҳаланады; ➖ Мәмлекет

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

    Өзбекстанда «Экобелсенди пуқара» турмыс тәризин кең ен жайдырыўға қаратылған «Бир миллион жасыл шаңарақ» улыўма миллий