Telegram karinform

Спорт

  • 15.04.2019 10:21
  • 1836

НМПИ қызлар волейбол командасы Өзбекстан чемпионатында 2-орынды ийеледи


Усы жылдың 6-12-апрель күнлери аралығында Өзбекстан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт министрлигиниң 2019-жылғы спорт ҳәм ғалабалық денетәрбиясы илажларының календарьлық жобасына муўапық, Өзбекстан волейбол федерациясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте волейбол бойынша жоқары оқыў орынлары студентлери арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.
Қызлар арасында болып өткен жарыслар қызғын беллесиўлерге бай болды. Онда республикамыздан қатнасқан Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты қызлар сайланды командасы финалға шекем барлық қарсыласларынан үстин келди. Финалда әзелий қарсыласы болған Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы университети менен жарысқа түскен жерлеслеримизге бираз әўмет жетиспеди. Жарыс жуўмағына бола, 1-орынды Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы университети, 2-орынды Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм 3-орынды Наманган мәмлекетлик университети қызлар сайланды командалары ийеледи.
Жарысты өткериўден баслы мақсет, жасларда спортқа болған ҳәўес ҳәм умтылыўшылықты, жәмийетимизде саламат турмыс тәризи принциплерин кең ен жайдырыў, қәбилетли жас спортшыларды сайлап алыў, оларда профессионаллық көнликпелерди жетилистириў, спорт түрлери бойынша елимиз сайланды командасына резерв таярлаў ҳәм студентлерди спорт шынығыўларына үзликсиз тартыўдан ибарат болды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...