
Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикалық басқармасы Қоңырат районлық бөлимине усы жылдың 20-февраль күни Қоңырат районлар аралық экономикалық судының қарарына тийкарланып, «Қарақалпақстан Республикасы жоллардан пайдаланыў» УК Қоңырат районлық бөлиминен «Өзбекстан темир жоллары» АЖға тийисли жүк тасыў ҳүжжетлерин қайта ислеў Қоңырат технологиялық орайы пайдасына 870 735 000 сум тийкарғы қарызы, 3 562 500 сум пеня, 276 450 сум жәрийма ҳәм почта қәрежетлерин өндириў бойынша орынлаў жумысы ашылған.
Усы ҳүжжеттиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде районлық бөлимниң мәмлекетлик орынлаўшылары тәрепинен тийисли тәртипте мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери алып барылды ҳәм орынланыўы тәмийинленди.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz