Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.04.2019 16:07
  • 1632

Педагогика ҳәм психология илимлериниң раўажланыў перспективалары додаланды


Дүньяның раўажланған еллери қатарынан орын алыўды мақсет еткен ҳәр қандай мәмлекет ең дәслеп билимлендириў ҳәм тәрбияға баслы итибарын қаратады. Ҳәзирги ўақытта мектепке шекемги ҳәм улыўма орта, орта арнаўлы, сондай-ақ, жоқары билимлендириў системаларында инновациялық технологияларды кеңнен қолланыў ҳәм бул арқалы усы тараўлардағы нәтийжелиликти арттырыў күнниң тийкарғы ўазыйпаларынан есапланады.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Педагогика ҳәм психология илиминиң раўажланыўында инновациялық технологиялардың роли ҳәм әҳмийети» атамасындағы республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.

Илажда институттың психология кафедрасы баслығы, доцент З.Шеримбетованың перзент тәрбиясындағы өзине тән болған психологиялық өзгешеликлер, Қарақалпақ мәмлекетлик университети доценти Н.Сағындықованың ойынлы технологиялар арқалы балаларда жуўапкершиликти қәлиплестириў, институттың сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы кафедрасы доценти Т.Уразимованың жоқары оқыў орынларында актив оқытыў методлары, Қараөзек районындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектеби әмелиятшы психологы Г.Бекбосынованың мектеплерде психологиялық хызметти раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери бойынша баянатлары тыңланды.
Сондай-ақ, институт докторантлары, студент-жаслар педагогика ҳәм психология илимлерин раўажландырыў бойынша баянатлар жасап, өз пикир-усынысларын билдирип өтти.

Баянатшылар тәрепинен атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта елимизде мектепке шекемги билимлендириў системасына айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда илимпазларымыз тәрепинен ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған билим бериў ҳәм тәрбиялаў усыллары менен бирге, Германия, Япония, Австрия, Англия, АҚШ сыяқлы раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбелери терең үйренилип, илимий таллаўлар исленип, әмелиятқа енгизиў ушын усыныс етилмекте. Әсиресе, бул бағдарда Германиядағы мектепке шекемги жастағы балалар тәрбиясы ҳәм тәрбиялаў методлары үлкен әмелий нәтийжелерди қолға киргизиў, келешек әўладларымыздың бәркамал инсанлар болып жетилисиўи ушын хызмет етеди.
Соның менен бирге, педагогикада ойынлы технологиялар, атап айтқанда, рольли технологиялар арқалы балаларда еркин пикирлеў, өзин-өзи басқарыў ҳәм тәртипке салыў сыяқлы көнликпелерди пайда етиў мүмкин.
Бунда жоқары оқыў орынларында, әсиресе, педагогика бағдарында маман кадрлар таярлайтуғын жоқары оқыў орынларында қәнигелер таярлаў мәселелери, оларда орын алып атырған кемшиликлер ҳәм оларды инновациялық жойбарларды қолланыў арқалы сапластырыў бойынша кең түрде пикир алысылды.
Конференция секциялар бойынша өз жумысын даўам еттирди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Жүрек ушын пайдалы ишимликлер

Жүрек ушын пайдалы ишимликлер

    Суў Егер суў жеткиликли болмаса, қан қойыўласып баслайды ҳәм жүрек тез ислейди, бул оның шаршаўына