Telegram karinform

Спорт

  • 30.04.2019 15:05
  • 1372

Спорт – беккем шаңарақ таянышы


Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ислеп атырған профессор-оқытыўшылар, техник хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары қатнасыўында «Спорт – беккем шаңарақ таянышы» атамасындағы шаңарақлық спорт жарысы өткерилди.
Институт факультетлеринен бир командадан қатнасқан спорт жарысында қатнасыўшылар жуўырыў, акробатикалық элементлер ҳәм топты нышанаға тийгизиў, шаққанлық ҳәм мергенлик, топты дәрўазаға жоллаў, «Аңшы ҳәм қоян ойыны», сондай-ақ, тезлик, епшиллик эстафеталары, арқан тартысыў бойынша өзлериниң спорт шеберликлерин сынап көрди.



Шаңарақ ағзаларын, әсиресе, өсип киятырған жас әўладты кең түрде спортқа тартыў, олар арасында саламат турмыс тәризин енгизиў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде шөлкемлестирилген жарыста жеңимпазлар анықланып, институт кәсиплик аўқамы ҳәм спорт клубы тәрепинен сыйлықланды.
Жеңимпаз команда жарыстың келеси басқышына жолламаны қолға киргизди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

    Өзбекстанда «Экобелсенди пуқара» турмыс тәризин кең ен жайдырыўға қаратылған «Бир миллион жасыл шаңарақ» улыўма миллий

Көп балалы шаңарақ деп қандай шаңараққа айтылады?

Көп балалы шаңарақ деп қандай шаңараққа айтылады?

    Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 41-статьясына муўапық, төрт ҳәм оннан көп он сегиз жасқа толмаған баласы