Усы жылдың 1-май күни Германия Федеративлик Республикасы Ҳүкимети ағзаларынан ибарат жумысшы топар Қарақалпақстан Республикасына келмекте. Бул ҳаққында ҚР Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети
хабар берди.
Жумысшы топардың күнниң биринши ярымында И.В.Савицкий атындағы қарақалпақ көркем өнер музейине ҳәм Республикалық балалар көп тармақлы медицина орайына және Кегейли районында жайласқан Академик М.Мирзаев атындағы бағшылық ҳәм виношылық илимий изертлеў институтының Қарақалпақстан Республикасы тәжирийбе станциясына барыўы күтилмекте.
Күнниң екинши ярымында болса, мийманлар Мойнақ районында болып, аймақтағы абаданластырыў ҳәм дөретиўшилик жумыслары менен танысады.
Сапар етиў жуўмақлары менен таныстырып барамыз.
Мағлыўмат орнында, усы жылдың январь айында Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев Германия Федеративлик Республикасының Федерал канцлери Ангела Меркельдиң мирәт етиўине бола усы елге сапар еткен еди.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz