Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.05.2019 11:49
  • 1209

Сибирь Федерал университети доценти НМПИ студентлерине сабақ өтти


Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Россия Федерациясының Сибирь Федерал университети арасында дүзилген бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнама тийкарында усы университеттиң функциялар теориясы кафедрасы доценти Мкртчян Александр Джанибекович институтқа келди.
Институт ректоры Байрам Отемуратов пенен ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиў байланысларын беккемлеў ҳәм раўажландырыў бойынша пикирлер алмасылды.

Еки жоқары оқыў орны арасында профессор-оқытыўшыларды алмасыў бағдарламасы шеңберинде россиялы илимпаз математика пәнинен институттың математика-информатика факультети математиканы оқытыў методикасы бағдарының студентлери және магистрантларына лекциялар оқып, ҳәр қыйлы семинарлар шөлкемлестирди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

    Әжинияз шайырдың 200 жыллығы мүнәсибети менен шығармалары түркмен тилине аўдармаланып китап ҳалында басылып шықты. Онда