Telegram karinform

Спорт

  • 03.05.2019 17:26
  • 1693

Институтта «Спорт айлығы»на старт берилди

Институтта «Спорт айлығы»на старт берилди
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде усы жылдың 23-апрель күни өткерилген мәжилиси протоколында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша усы жылдың май айы елимиз бойлап «Спорт айлығы» деп жәрияланған еди.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында усы айлық шеңберинде әмелге асырылатуғын жумыслар ҳәм өткерилетуғын спорт жарысларының жобасы ислеп шығылып, бул тийкарда әмелий жумыслар басланып кетти.
Институтта «Спорт айлығы»на старт берилди
Институтта «Спорт айлығы»на старт берилди
Бүгин, 3-май күни институттың спорт сарайында студент-қызлар арасында спорттың волейбол түринен жарыс шөлкемлестирилди.
Жарыстың ашылыўында сөзге шыққан институт проректоры Қ.Қадиров спорт ҳәм саламатлық илажларының әҳмийети ҳәм «Спорт айлығы» шеңберинде әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында айтып өтти.
Институтта «Спорт айлығы»на старт берилди
Институтта «Спорт айлығы»на старт берилди
Институтта «Спорт айлығы»на старт берилди
Буннан соң институттың барлық факультетлеринде оқып атырған студент қызлардан ибарат командалар қатнасыўында волейболдан жарысқа старт берилди.
Мағлыўмат ушын, институтта «Спорт айлығы» шеңберинде спорттың баскетбол, волейбол, гандбол, футбол, стол тенниси, жеңил атлетика, Кеўилли стартлар ҳәм гимнастрада спорт жарыслары өткерилиўи белгиленген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар