Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.05.2019 11:50
  • 1132

Республикалық пән олимпиадаларында жеңимпаз болғанлар жоқары оқыў орынларына имтихансыз кире алмайтуғын болды ма?


Президент Шавкат Мирзиёев «Қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм жоқары қәнигели кадрлар таярлаўдың үзликсиз системасын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.

Қарар тийкарында:
- Халық билимлендириў министрлигинде 14 штат бирлигинен ибарат Пән олимпиадалары бойынша қәбилетли оқыўшылар менен ислесиў департаменти шөлкемлестириледи;

- Буннан былай тек ғана халықаралық олимпиадалардың жеңимпазлары жоқары оқыў орынларына тест сынақларысыз қабыл етиледи. Усындай жеңиллик беретуғын халықаралық олимпиадалар дизими тастыйықланды;

- Республика көлеминде өткерилетуғын тийкарғы пән олимпиадаларының жеңимпазларын имтихансыз жоқары оқыў орнына қабыллаў системасы бийкар етиледи. Буннан былай тийкарғы олимпиадалардың республикалық басқышында 1-3-орынларды ийелеген қатнасыўшыларға қәнигелик пәни бойынша жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларында максимал балл алыў ҳуқықын беретуғын ҳәм үш жыллық мүддет даўамында әмел ететуғын сертификат бериледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте