Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.05.2019 17:34
  • 1537

Мектеп оқыўшысына заманагөй смартфонлар шәрт(пе)? Мектеп мүғәллиминиң пикирлери…



Жақында телеграм топарында усы темада тартыс болып атырғанын оқып қалдым.
Кимдур заманагөй технология жас әўладқа раўажланыўы ушын шәрт деген пикирди билдирген болса, және кимдур ол баланың билим алыўы ушын зыян келтиреди деген пикирди қоллап-қуўатлады. Бул пикирлерди оқып мен де булл ҳаққында мақала жазыў пикири пайда болды. Себеби, усы тема жеке өзимди көптен берли қыйнап келмекте.
ӘЛБЕТТЕ , ҚАЙСЫДУР АТА-АНА БУНЫ ТҮСИНИП ОҚЫСА БУННАН МЕН ТЕК ҚУЎАНАМАН!
Мектеп оқыўшысы ямаса жас өспиримге телефон керек, бирақ... Бирақ, сиз ойлаған заманагөй смартфонлар емес! Әпиуайы ғана, халық тили менен айтқанда «простой» телефонлар. Бүгинлигинде бул телефонлардың баҳасы әдеўир төменлеп, ҳәтте өзлериде «таптырмайтуғын» болып қалған.
Ал, заманагөй Андроид системасында ислейтуғын сенсорлы телефонлар дерлик ҳәр биримизде бар. Бул телефонлардың имканиятын айтып «дәстүрхан» етип отырыў шәрт емес шығар. Социаллық тармақларсыз өмиримизди көз алдымызға келтире алмаймыз. Әлбетте, сиз буны оқып атырған болсаңыз сиз де сол адамлардан қатарындасыз. Ал, сол социаллық тармақларға сизиң сенсорлы телефоны бар перзентиңиз кире ме? Мысалы ушын, әпиўайы телеграм тармағын алып қарайық. Қанша топарлар, каналлар, стикерлер...
Группа ямаса топарлар.
Олар не мақсетте ашылады? Мектеп оқыўшысы ол группаға не ушын ағза болады? Ҳәрқалай сиясий ямаса дүнья жаңалықларын, яки жаңа пәрманларды оқыў ушын емес әлбетте.
Жақында «Молодёжи Узбекистана» газетасында басылып шыққан бир мақалада кеўлимдегидей сөзлердиң басылып шыққанлығы итибарымды тартты. Онда Ташкент қаласындағы Жаслар пресс-клубында әне усындай бәршени ойландырып жүрген мәселелер сынға алынды. Онда Әдиллик министрлиги сиясий- илимий изертлеў институты ўәкили Комилжон Синдоров былай деди:
- Биз жаңа информациялар әсириндемиз. Алдынлары баланың ата-анасы яки жақынлары оларды ҳәр қыйлы жынаят топарларынан, нызам бузыўшылардан қорғайтуғын еди. Бүгин болса, жас өспиримлердиң жаман иллетлерге кирип қалыўы ушын үйден де шығыўы шәрт емес болып қалды. Оның ушын үйде отырып-ақ интернетти қосып, социаллық тармақларда танысыўдың өзи жеткиликли».
Расында да, ҳәзирде телеграм тармақларында мектеп оқыўшыларын көрсек те ҳайран қалмайтуғын болдық. Жеке өзим телефоннан пайдаланған оқыўшылардық оқыў дәрежеси төменлеп кеткенлигин көп мәрте көрип жүрмен. Өкинишлиси, ҳәттеки айырым ата-аналар еле мектепке бармаған балалары менен «мениң балам телефонды толық түсинеди, ойынларын ойнайды, меннен де жақсы түсинеди» деп мақтанады. Бәлки, мениң бул пикириме қарсылар бар шығар?
Өзим де бир ўақытлары усы телефонларға шалғығаным себепли көп жыллар даўамында жоқары оқыў орнына түсе алмай жүргенмен. Буннан қалай жуўмақ шығарыў өзлериңизге пайлы.

Жеңисбек Камалатдин
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Билимлендириў орынларында дем алыс узайтылады, жәмийетлик транспортларға бензин ушын компенсациялар бериледи – Жоқарғы Кеңес

Билимлендириў орынларында дем алыс узайтылады, жәмийетлик транспортларға бензин ушын компенсациялар бериледи – Жоқарғы Кеңес

    Ҳәзирги ўақытта республикамыз аймағында ҳаўа райының ҳәдден тыс суўып кетиўине байланыслы газ тармақларына басым күшейиўи

Жәмийетлик баслама: 25-февральды қарақалпақ миллий тағамы жүўери гүртик күни деп жәриялаў усыныс етилмекте

Жәмийетлик баслама: 25-февральды қарақалпақ миллий тағамы жүўери гүртик күни деп жәриялаў усыныс етилмекте

    «Facebook» социаллық тармағының қарақалпақ сегментинде өзиниң тарийх, этнография, мәденият ҳәм көркем өнер ҳаққындағы топлаған материаллары,

6-январь – Қарақалпақтың туңғыш академиги Марат Нурмухамедов дүньяға келген күн

6-январь – Қарақалпақтың туңғыш академиги Марат Нурмухамедов дүньяға келген күн

    Қарақалпақтың туңғыш академиги, филология илимлериниң докторы, профессор, белгили алым Марат Көптилеўович Нурмухаммедов 1930-жыл 6-январьда Төрткүлде