Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.05.2019 11:59
  • 1364

Министрлер Кабинети жанындағы мәмлекетлик инспекция UniRank дүзген жоқары оқыў орынларының рейтингин бийкарлады. Не себеп?


Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы Жәмийетшилик ҳәм ҒХҚ менен байланыслар бөлими интернет сайтларында UniRank дүзген рейтингке тийкарланып «Өзбекстандағы 65 жоқары оқыў орнының рейтинги жәрияланды» мазмунында жәрияланған хабарларды бийкарлады.
«Өзбекстанда миллий жоқары оқыў орынлары рейтингин қәлиплестириўде дүньяның алдынғы рейтинг системалары терең анализленип шығылды ҳәм рейтинг системасын баҳалайтуғын индикаторлардан Өзбекстанның билимлендириў системасына сәйкес келетуғынлары үйренилип сайлап алынды. Соның ишинде, THE (Times Higher Education), QS (Quacquarelli Symonds), ARWU (Academic Ranking of World Universities) сыяқлы ири рейтинг агентликлериниң усылларын үйрене отырып 23 ең әҳмийетли ҳәм өзимизге сәйкес келетуғын индикаторлар сайлап алынды. 2018-жылы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен 57 жоқары оқыў орынларының жумыслары анализленип, нәтийжелери жәрияланған еди.
Жақында ҳәр қыйлы интернет сайтлары арқалы UniRank агентлиги тәрепинен Өзбекстанның ең жақсы жоқары оқыў орынлары рейтинги жәрияланды деп хабарлар тарқатылды. Бирақ, бул рейтинг агентлигиниң методологиясы қандай? Ол қайсы көрсеткишлер тийкарында баҳаланған? Критериялар рейтинг мазмунын көрсете ала ма? Усы сыяқлы сораўлар ашық қалмақта. Тек ғана жоқары оқыў орнының веб-сайты ҳәм оған неше адам киргени менен анықланған рейтинг нәтийжелери бул билимлендириўдиң сапасын дурыс баҳалай алмайды. Және бир айта кететуғын жери, рейтинг нәтийжелерин жәрияланған ҳәр қандай агетлик ямаса шөлкем де дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алынған бола бермейди.
Солай екен, рейтинг нәтийжелерин жәриялап атырған ўақытта рейтингди дүзген ҳәм баҳа берген халықаралық агентликлердиң бул тараўға қаншелли терең қатнас жасағаны және қандай критериялар тийкарында анықланғанына да итибар қаратыў мақсетке муўапық. Өйткени, жоқары оқыў орынлары рейтинги дурыс, анық ҳәм объектив түрде баҳаланыўы республикамызда жумыс алып барып атырған билимлендириў мәкемелерин халықаралық өлшемлерге сәйкес түрде жетилистириў ҳәм жетик қәнигелер таярлаўда саламат бәсекини жарататуғын тийкар болады.
Мағлыўмат ушын, UniRank агентлигиниң мақсети дүнья университетлери ҳәм колледжлериниң дүньялық көлемде онлайн абыройы ҳәм байланысларының онлайн болыўына тийкарланған. Сондай-ақ, сырт елли студентлер ҳәм оқытыўшыларда арнаўлы жоқары оқыў орнының басқа мәмлекетте қаншелли абыройлы екенлигин түсиниўине жәрдем бериў ушын арналған. Бул шөлкем рейтингинде жоқары оқыў орынларының билимлендириў сапасы, академиялық хызметлери, оқыў ҳәм илимий жумыслар тийкарғы критериялар сыпатында қабыл етилмеген, - деп жазылған бийкарлаў хабарында.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы