Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.05.2019 17:25
  • 1053

НМПИдиң мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде қазақстанлы профессор сабақ өтти


Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультетинде Қазақстан Республикасы Яссаўий атындағы Халықаралық қазақ-түрк университети ҳәм Қубла Қазақстан мәмлекетлик педагогикалық институтының профессоры, педагогика илимлериниң докторы Гульфайруз Еркибаева студентлерге сабақ өтти.
Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш билимлендириўде жаңа педагогикалық технологиялар ҳәм изертлеў усылларын қолланыў, оларда әмелий нәтийжелиликти арттырыў мәселелери бойынша өз тәжирийбелери менен бөлисти.

Гульфайруз Еркибаева Қазақстан Республикасында 2009- ҳәм 2010-жыллары жоқары оқыў орнының ең жақсы оқытыўшысы деп табылған. Усы күнге шекем педагогика бағдарында 550 ге шамалас илимий мийнетлерге авторлық еткен. Атап айтқанда, Германияда 4, Польшада 1, Чехияда 1, Россияда 3, Қазақстанда 8 монографиясы баспадан шығарылған.
Ҳәзирги ўақытта Абай атындағы Қазақстан Миллий педагогикалық университети жанындағы диссертациялар бойынша кеңестиң турақлы ағзасы есапланады.
Институтта қазақстанлы профессор институт оқытыўшылары қатнасыўында семинар-тренинг де шөлкемлестирилип, алдағы ўақытлары кадрлар таярлаў мәселелери бойынша келисимге ерисилди.


Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,