Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.05.2019 18:24
  • 1470

Шымбайда заманагөй балалар бақшасы пайдаланыўға тапсырылды. Онда ФИФА төрешиси Равшан Эрматов қатнасты

Шымбайда заманагөй балалар бақшасы пайдаланыўға тапсырылды. Онда ФИФА төрешиси Равшан Эрматов қатнасты
Шымбай районы «Дослық» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан бой тиклеген заманагөй балалар бақшасының ашылыў салтанаты болып өтти. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң баспасөз хызмети хабар берди, деп жазады ҚР Министрлер Кеңеси мәлимлеме хызмети.
Шымбайда заманагөй балалар бақшасы пайдаланыўға тапсырылды. Онда ФИФА төрешиси Равшан Эрматов қатнасты
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри Ж.Уснатдинова, Халықаралық ФИФА төрешиси Р.Эрматов, Өзбекстан Республикасы «Ўзсаноатқурилишбанк» баслығы А.Бердибеков, район ҳәкиминиң орынбасары У.Қалилаевлар қатнасты ҳәм район халқын жаңа балалар бақшасының ашылыўы менен қызғын қутлықлады.
Усы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси исбилермен Б.Камалов тәрепинен «Ўзсаноатқурилишбанк»тиң 2 млрд 461 млн сумлық жеңиллетилген кредити тийкарында бой тикледи. Мәкемениң үлги типиндеги имараты тийисли инвентарьлар менен толық тәмийинленди ҳәм әҳмийетлиси онда 19 пуқара жаңа жумыс орнына ийе болды.
Шымбайда заманагөй балалар бақшасы пайдаланыўға тапсырылды. Онда ФИФА төрешиси Равшан Эрматов қатнасты
– Балалар бақшамыз 150 орынға арналған болып, онда балалар 6 топарда тәрбияланады, – дейди бақша меңгериўшиси Э.Абдуллаева. – Ең тийкарғысы оларға рус ҳәм инглис тиллеринде еркин сөйлей алатуғын қәнигелер тәрбияшылық етеди.
Заманагөй балалар бақшасының ашылыўы район халқын шексиз қуўанышқа бөледи.
– Районымызда соның ишинде, бизлердиң аймағымызда усындай заманға сай балалар бақшасының ашылыўы жеке өзимди, аймақ турғынларын, әсиресе, келешегимиз болған перзентлеримизди шексиз қуўанышқа бөледи, – дейди З.Ильясова.
Шынында да, елимизде ертеңги күнимиздиң ийелери болған жас әўладқа қаратылып атырған усындай жоқары ғамхорлық келешекте әлбетте өз нәтийжесин беретуғыны сөзсиз.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...