Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.06.2019 11:08
  • 2339

Суўсыз шөлистанда күтилмегенде суў пайда болды (видео)


Қазақстанның Атыраў ўәлаятында жайласқан Макат районында күтилмегенде көл пайда болды. Бул гидрогеологлардың районның жер асты қатламларында нефть ҳәм газден тысқары таза суў резерви бар деген болжаўды тастыйықлайды, деп хабар берди KNews.kg. Бул ҳаққында «Дарё» хабар бермекте.
Қәнигелердиң пикиринше, пайда болғанына бирнеше күн болған көлде бес мың метр куб суў топланған. Суў бассейнине жабайы үйрек ҳәм ғаз сыяқлы қуслар ушып келмекте.
- Суў қай жерден келип шығып атырғанын анықлаў керек. Бул, қараўсыз қалған гидрологиялық қудық ямаса булақ болыўы мүмкин. Экологлар суўдың қурамын анықлаўы керек. Суў таза болғаны менен, оның химиялық қурамы намәлим. Қурамында неше процент дуз бар, аўыр ямаса басқа металлар жоқ па? – дейди Урал-Каспий бассейнлери инспекциясы қәнигеси Л.Калмаганберов.

Суў асты дәрегиниң пайда болыўы ўәлаяттың усы район халқы ҳәм оған жақын аймақлардың раўажланыўына, орайлық суў тәмийнаты системасына ийе болмаған 21 посёлканың шарўашылық ҳәм дийқаншылық пенен кең түрде шуғылланыўына имканият жаратады. Барлық аймақ ушын ҳәр күни 20 мың метр куб суў керек болады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Суўықта бас кийим кийиўди умытпаң

Суўықта бас кийим кийиўди умытпаң

    Басыңызды жыллы тутың: Бас арқалы денеден ыссылық ең көп жойтылады. Бас кийим болса бул ыссылықты

Таңғы ас не ушын керек?

Таңғы ас не ушын керек?

    Мий ушын Мағлыўматларды жақсырақ концентрациялаў ҳәм ядлаў ушын зәрүр.   Иммунитет ушын Сиз аз стресске дус

Мийдиң искерилигин жақсылайтуғын шынығыў

Мийдиң искерилигин жақсылайтуғын шынығыў

    Унамлы пикирлеўди раўажландыражақ болсаңыз, артқа қарай жүриўге ҳәрекет етиң. Әпиўайы жол менен артқа қарай жүриў,