Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.10.2017 21:56
  • 7786

Қымбатлы ўақтымды урлап атырған 92-жөнелисли такси, қайдасаӊ өзи? (Оқыўшыдан хат)

Қымбатлы ўақтымды урлап атырған 92-жөнелисли такси, қайдасаӊ өзи? (Оқыўшыдан хат)

Нөкис бул бәрше жаслар ушын орай! Мине, мениӊде бул қалада жүргениме дерлик бир ай болыпты. Студентлик бахты өзгешелигин әсте-ақырын билип атырман. Лекин, бул алтын дәўирдиӊ басты қатыратуғун жери жөнелисли такси екенлигин енди билип атырман. Ҳәзирги ўақытта «Теле-орай, жуўазшы» елатында жасайман. Бул мәнзилге авто вокзалдан 92 ал, базардағы авто көликлер турар орнынан 53-жөнелисли таксилер қатнайтуғынлығы белгили. Студент болғанлығым себепли, азанда университетке 08:30 да жетип барыўым керек. Сонлықтан, 08:00 де үйден шығаман. Тилекке қарсы, 92-жөнелисли таксиге азанда өткен бир ай даўамында тек ғана еки мәрте мине алдым. Көбинесе, университетке қарай жүретуғын жол-жөнекей авто көликлерге минип мәнзилиме жетип аламан. 12:50 де үшинши сабақтан соң бәндиргиге карай жол аламыз. 13:20 дан баслап мен жөнелисли такси күтиўши жолаўшыға айланаман. Өткен бир ай даўамында үйге 14:00 ден бурын келип көрмедим. Себеби, 92-жөнелисли таксилердиң аз ямаса оған миниўши жолаўшылардың саны көп. Бул машқала тек мендей студентлер емес, ал, таза жол мәнзили турғынларының машқаласы. Қулласы, ҳәр күнимниң 40 минуты жөнелисли таксилерди күтиўге сарпланады. Есаплап қарасам, күнине 1 саат 20 минут күткен ўакытларым да болған.
Ўақыт бийбаҳа байлық! Әлбетте, оны босқа жибермеўимиз керек. Бирақ, биз өзимиз билмеген ҳалда ўақтымызды қолдан жиберип атырмыз! Мениң қымбатлы ўақтымды урлап атырған 92-жөнелисли такси қайдасаӊ өзи?

Пердебаева Шахноза
Журналистика қәнигелигиниң 1-курс студенти
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,