Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.06.2019 09:59
  • 1190

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының халықаралық атамасы өзгерди


Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының халықаралық қысқарған атамасы Ajiniyaz Institute деп қолланылатуғын болды. Институттың гезектеги илимий кеңесинде усылай қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында институттың халықаралық байланыслар бөлими хабар берди.
Дүнья әмелиятында жоқары оқыў орынларының халықаралық қысқарған атамасын қолланыў кең ен жайған жағдай саналады. Мәселен, Гумилев атындағы Евразия миллий университетиниң халықаралық атамасы Eurasian National University, Самара мәмлекетлик илим изертлеў университети болса, Samara university ҳәм т.б.
Усы күнге шекем институттың инглис тилиндеги атамасы (Nukus state pedagogical institute named after Ajiniyaz) қысқартыўда Nukus SPI яки NSPI деп қолланып келинген.
Халықаралық илимий журналларда институттың ҳәр қыйлы атамаларда жазылыўы шәлкем-шалыслықты жүзеге шығарып келген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы