Telegram karinform

Мәденият

  • 05.07.2019 13:56
  • 1599

Савицкий музейи директорлығына өткерилген таңлаўда россиялы алым Тигран Мкртычев жеңимпаз болды


Россиялы көркем өнертаныўшы алым Тигран Мкртычев И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи директорлығы ушын өткерилген таңлаўда жеңимпаз болды, деп хабар берди Kun.uz.
Таңлаў Өзбекстан Республикасы Президенти қарары менен тастыйықланған «Музейлерди реновациялаў бағдарламасы»н орынлаў тийкарында Мәденият министрлиги ҳәм оның жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры тәрепинен өткерилди.
Таңлаўда музей жумысы, музей менен байланыслы болған ғалабалық илажлар, административлик ҳәм қаржы мәселелеринде тәжирийбеге ийе болған өзбекстанлы ҳәм сырт елли қәнигелер қатнасты.
Арзаларды қабыллаў, ҳүжжетлерге баҳа бериў ҳәм талабанларды сайлап алыў процеси 25-февраль – 15-июнь күнлери аралығында өткерилди. 4-июль күни Нөкис қаласында жайласқан И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи имаратында талабанлар менен жүзбе-жүз сәўбет болып өтти ҳәм жеңимпаз анықланды.
Қатнасыўшылардың жойбарлары Өзбекстан Республикасы мәденият министри Б.Сайфуллаев басшылығындағы экспертлер кеңеси тәрепинен баҳаланды. Кеңес қурамына Третьяков атындағы Россия мәмлекетлик галереясы баслығы Зелфира Трегулова (Skype арқалы), Германияның Берлин қаласы музейлери кураторы Манфред Наврот, музейлер жумысы, археология ҳәм мәденият сиясаты бойынша ЮНЕСКОның халықаралық аға кеңесгөйи Стюарт Гибсон, Мәденият министрлиги жанындағы Жәмийетшилик кеңеси баслығының орынбасары Мариника Бабаназарова киргизилди. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы мәденият министри Қ.Турдиев бақлаўшы сыпатында қатнасты.
Таңлаўға россиялы Сергей Пиляк ҳәм Тигран Мкртычев, қазақстанлы Гүлшат Баймуратова, өзбекстанлы Ирина Петрушина ҳәм Октябрь Доспанов, сондай-ақ, германиялы Тибо де Рюйтер (Skype арқалы) қатнасты.
Талабанлар И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи жумысларын модернизациялаў, хызметкерлердиң профессионал дәрежеси ҳәм тәжирийбесин арттырыў, музейди басқарыў процесине жоқары технологияларды енгизиў, музейдиң халықаралық дәрежесин көтериў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша өз презентацияларын көрсетти. Сондай-ақ, экспертлер кеңеси ағзаларының сораўларына жуўап берди.
Таңлаў жуўмағына муўапық, ең көп балл топлаған Тигран Мкртичев жеңимпаз деп жәрияланды. Октябрь Доспанов болса резервтеги жеңимпаз сыпатында атап өтилди.
Енди музей шеңбериндеги административлик реформалар жуўмақланғаннан соң, жеңимпазға рәсмий түрде усыныснама жибериледи. Мәденият министри Б.Сайфуллаевтиң атап өтиўинше, бул сентябрь айында болып өтеди.

Аўдарма: Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбек фотографиясының қәлиплесиўинде биринши өзбек кинооператоры ҳәм фотографы Худайберген Девоновтың хызметлери айрықша орынды ийелейди. Ол тек...

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

    Жасалма интеллект қалай ислейди, ол келешекте инсан мийнетиниң орнын баса ала ма, нейрон тармақлар тәрепинен