Telegram karinform

Мәденият

  • 02.11.2017 08:13
  • 2292

Дыққат таңлаў! Бердақ бабамыздың 190 жыллығына бағышланған шығарма, қосық ҳәм сүўретлер таңлаўы жәрияланды



Бердақ атындағы Қаракалпақ мәмлекетлик университетинде уллы шайыр ҳәм ойшыл Бердақ Ғарғабай улының 190 жыллығына байланыслы «Бердақ бабамыз – Ўатан жыршысы» атамасында факультетлердеги қәбилетли студентлер арасында шығармалар таңлаўын өткериў тәртиби

МАҚАЛАЛАРДЫ БАҲАЛАЎ КРИТЕРИЯСЫ


1. Теманың идеялық мазмуны, образлар ҳәм көркемлик белгилериниң толық ашып берилгенлиги: (10 балл)
2. Теманы ашып бериўде илимий, көркем әдебиятлардан пайдаланыў дәрежеси ҳәм еркин пикириниң сәўлелендирилиўи: (10 балл)
3. Теманы сәўлелендириўде өзине тән дөретиўшилик қәбилетин көрсете билиўи: (10 балл)
4. Дөретиўшилик жумысларын жазыўда стилистикалық ҳәм грамматикалық жақтан дурыс жазылыўы: (10 балл)
5. Темаға байланыслы машқалалы мәселелер ҳәм оларды шешиўге қаратылған усыныслардың билдирилиўи: (10 балл)
Мақалалардың ҳәр бир критериясы бойынша 10 баллық (жәми 50 балл) системада баҳаланады.
Таңлаўға тапсырылатуғын мақалалар (қарақалпақ, өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде) компьютерде MS Word бағдарламасында, Times New Roman шрифтинде, 1 интервалда шептен 30 мм, оңнан 15 мм, жоқары ҳәм төменнен 20 мм орын қалдырылған формада жазылған болыўы керек.




Бердақ атындағы Қаракалпақ мәмлекетлик университетинде уллы шайыр ҳәм ойшыл Бердақ Ғарғабай улының 190 жыллығына байланыслы шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған «Жас қәлемкешлер» атамасында факультетлердеги қәбилетли студентлер тәрепинен жазылған қосықлар таңлаўын өткериў тәртиби

БАҲАЛАЎ КРИТЕРИЯСЫ

1. Идеясының жоқарылығы ҳәм мазмунының тереңлиги: (10 балл)
2. Көркемлилиги (көркем сүўретлеў қураллары усылларынан пайдаланыў шеберлиги, қосық қурылысының ықшамлылығы): (10 балл)
3. Өзине тән дөретиўшилик жолы: (10 балл)
4. Қосық текстиниң стилистикалық ҳәм грамматикалық жақтан дурыс жазылыўы: (10 балл)
5. Көркем оқыў шеберлиги (студенттиң жазған қосығын өзи көркем оқый алыў шеберлиги): (10 балл)

Жазылған қосықлар 10 баллық (жәми 50 балл) системада баҳаланады.


Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ әдебиятының классик шайыры Бердақ Ғарғабай улының 190 жыллығына бағышлап «Бир гезлери Бердақ жүрген жерлерде» атамасында факультетлердеги қәбилетли студентлер ҳәм художниклер арасында сүўрет салыў таңлаўын жәриялайды

ТАҢЛАЎ ШӘРТЛЕРИ


Таңлаўға республикамыздағы барлық ҳәўескер ҳәм профессионал художниклер (оқыў орынлары, мәкеме ҳәм шөлкемлерден) қатнасыўы мүмкин, таңлаўда ҳәўескерлер өз алдына, профессионаллар өз алдына, жас бойынша 14 жастан 25 жасқа шекем, 25 жастан ҳәм оннан жоқары жастағылардың дөретиўшилик жумыслары өз алдына баҳаланады.

ХУДОЖНИКЛЕР ТӨМЕНДЕГИШЕ ТАРИЙХЫЙ ЖАНРДАҒЫ КАРТИНАЛАР МЕНЕН ҚАТНАСАДЫ:

1. Бердақ бабамыз жасаған дәўирдеги ҳәм бүгинги күнги елимиздиң сулыў тәбияты, Республикамыздың тарийхый археологиялық орынлары (Пейзаж).
2. Бердақ бабамыздың шығармаларынан жаралған тарийхый жанр.
3. Бердақ бабамыз сәўлеленген портрет.

Таңлаў жуўмақлары 2017-жыл 20-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қасындағы Бердақ миллий музейинде көргизбе формасында өткериледи ҳәм сол жерде таңлаў жеңимпазлары сыйлықланады.

Мағлыўмат ушын тел: +99861 2235969

Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

    ​Миллий статистика комитетиниң берген мағлыўматларына муўапық, интернет пайдаланыўшылары саны дерлик 94%ке жеткенлигин көриўимиз мүмкин. Жоқарыдағы

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында

Goal талқылаўы бойынша «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлардың дизими жәрияланды

Goal талқылаўы бойынша «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлардың дизими жәрияланды

Goal порталы «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлар дизимин жәриялады. Оған бола, «Барселона» вингери Рафиня бул бағдарда...