Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.08.2019 11:08
  • 2572

10-августта Жердиң қасынан бийик имарат өлшеминдеги астероид ушып өтеди

10-августта Жердиң қасынан бийик имарат өлшеминдеги астероид ушып өтеди

10-августта 2006 QQ23 астероиды планетамыздан бар-жоғы 0,049 астрономиялық бирликке (7,3 млн км) тең аралықтан саатына 16740 км тезлик пенен ушып өтеди, деп хабар берди www.astronews.ru.
Астероид Жерден 0,05 астрономиялық бирликтен киши аралықта ушып өткенлиги ушын ол қәўипли астероидлар қатарына киргизиледи. Астероидтың диаметри 570 метрге жақын болып, ол Нью-Йорктағы Эмпайр-стейт-билдинг бәлент имаратынан да (443 метр) бәлент.
АҚШ космослық агентлиги Жерге жақын ушып өткен комета ҳәм астероидларды, биринши нәўбетте, олар Жерге қәўипли болғанлығы ушын емес, ал келешекте қәўип туўдырмаўы ушын бақлап отырады. Ҳәр жылы 2006 QQ23 астероиды өлшеминдеги орташа 6 астероид ямаса кометалар Жерге жақын жерден ушып өтеди.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы

Қарақалпақстанлы қылышпазлар Тунисте болып өтетуғын Гран-при турнирине қатнасады

Қарақалпақстанлы қылышпазлар Тунисте болып өтетуғын Гран-при турнирине қатнасады

    Усы жылдың 14-15-январь күнлери Тунисте қылышпазлықтың сабля бағдары бойынша Гран-при турнири болып өтеди. Бүгин усы

ЖЧ-2022: Уэльс сайланды командасы 64 жылдан кейин мундиальда ойнайды

ЖЧ-2022: Уэльс сайланды командасы 64 жылдан кейин мундиальда ойнайды

20-ноябрь күни Қатар пайтахты Доха қаласында футбол бойынша жигирма екинши жәҳән чемпионатына старт берилди. Дәслепки ойында...