«Ислам мәмлекети» экстремистлик топары Нью-Йоркта жүк тасыўшы көлик пенен 8 адамның өлимине, 12 адамның жарақатланыўына себепши болған, Өзбекистан пуқарасы Сайфулла Саиповтың ҳәрекетлерин мойнына алды, деп
хабар бермекте BAQ агентлиги.
Хабарда жазылыўынша, АҚШта жайласқан SITE Intelligence Group топарының террористлик ҳәрекетлерди изертлеў жумысларында 3-ноябрь күни «Ислам мәмлекети» Саиповты «халифатлықтың әскери» деп атағанлығын анықлаған.
Саиповқа «террористлик топарға материаллық жақтан жәрдем бериў» айыбы тағылған. Полицияның хабарлаўына қарағанда, Саипов адамларды қаққан жүк тасыўшы көлик ишинен оның «Ислам мәмлекети»не садықлығы ҳаққындағы хат табылған.
Нью-Йорк мэри Билл де Блазио терактти «бийгүнә инсанларға зулымлық пенен қастыянлық етиў» деп баҳалады. Америкалы конгресменлер болса, Ақ үйди Саиповты Гуантанамо қамақханасына жибериўге шақырды.
Ислам Матеков.