Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 23-октябрьдеги «Электр энергетикасы тармақларын жедел раўажландырыў ҳәм қаржыландырыў турақлылығын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3981-санлы Қарарының талапларын орынлаў мақсетинде, Нөкис қаласында 2019-жыл 12-август сәнесинен баслап Электр энергиясын есапқа алыў ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған (АСКУЭ) системасына жалғанатуғын электрон электр есаплағышларға алмастырыў жумыслары басланады.
Жоқарыдағыларды инабатқа алып, жоба тийкарында Нөкис қаласында электроэнергиясы тутыныўшыларының электр есаплағышларын бийпул алмастырыў жумыслары әмелге асырылады.
Алмастырыў ўақтында қайсы көрсеткиши менен электр есаплағыш шешилгенлигин тутыныўшы ямаса тутыныўшының ўәкили ҳәм электр тәмийинлеўши кәрханасы қәнигеси менен Мәжбүрий орынлаў бюросы қәнигелери көриўи шәрт. Усы шешип алынған электр есаплағыш көрсеткишинен келип шығып тутыныўшының қарыздарлығы (дебитор-кредитор) анықланады. Есаплағыш алмастырылғанда тутыныўшының өзиниң есап бетине алдынғы төленген төлемлери есапқа алынып, тутыныўшының есап бетиндеги артықша төлемлерине тәсир етпейди, яғный тутыныўшының өз есап бетинде сақланады.
Жаңадан орнатылған электрон электр есаплағышларды есапқа ҳәм дизимге алыў жумыслары Нөкис қалалық электр тәмийинлеўши кәрханасы миннетлемесине киретуғынлығын билдиреди.
Электр энергиясын есапқа алыў ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған (АСКУЭ) системасына алмастырылатуғын электрон электр есаплағышларды дизимге алыўда барлық қолайлықлар жаратылған.
Тутыныўшылар мобиль телефонлары арқалы PAYNET, CLICК ҳәм PAYME арқалы төлемлерди әмелге асырыў мүмкиншиликлеринен пайдаланыўы ҳәм әўере болып келип-кетиў және узыннан-узын нәўбетте турып ўақытларын босқа жибермеўин сораймыз.
Сондай-ақ, Сизлердиң телефон номериңиз бизиң базаға бириктирилген болса, кәрханамыздың kkaetk.uz сайтымыздағы «Главный меню - Персональный кабинет - Перейти в кабинет» арқалы барлық мағлыўматларыңызды көриў имканияты жаратылған (есап бетиңизди жазасыз, пароль сорайсыз, телефоныңызға пароль келеди).
Ҳүрметли электр энергиясы тутыныўшылары!«Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» АЖ, электрон электр есаплағышларды Электр энергиясын есапқа алыў ҳәм қадағалаўдың автоматластырылған (АСКУЭ) системасына кириўши есаплағышларға алмастырыў дәўиринде тосқынлық қылмай қәнигелеримизге жәрдем бериўлериңизди сорайды.
«Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» акционерлик жәмийети ҳәкимшилиги.