Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.08.2019 17:45
  • 1288

ҚМУдың Қоңыраттағы филиалын ашыў усыныс етилмекте

ҚМУдың Қоңыраттағы филиалын ашыў усыныс етилмекте
«Менинг фикрим» жәмийетлик мүрәжатлар порталында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Қоңырат филиалын шөлкемлестириў ҳаққында петиция жәрияланды.
Мүрәжатта Қарақалпақстан Республикасының Қоңырат ҳәм Мойнақ районлары жасларының жоқары билим алыўына кең имканият жаратыў ҳәм қәнигели кадрлар таярлаў мақсетинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Қоңырат филиалын шөлкемлестириў усыныс етилген.
Атап өтилиўинше, филиалдың шөлкемлестирилиўи усы еки район менен биргеликте, Шоманай ҳәм Қанлыкөл районлары жасларының да жоқары билим алыўына қолайлы имканиятларды жаратады.
«Жоқарыдағыларды есапқа ала отырып, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Қоңырат филиалын шөлкемлестириўди усыныс етемен», - деп жазады петиция авторы.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым Қазақстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында