Telegram karinform

Экономика

  • 17.08.2019 14:09
  • 1863

Нөкисте жылына 50 мың дана ярым автомат кир жуўыў машиналарын ислеп шығаратуғын кәрхана ашылды

Нөкисте жылына 50 мың дана ярым автомат кир жуўыў машиналарын ислеп шығаратуғын кәрхана ашылды
Бүгин, 17-август күни Нөкис қаласында «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы «Титан ДСЗ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң халықтың турмыслық техникаларға болған талапларын қанаатландырыў мақсетинде ярым автомат кир жуўыў машиналарын ислеп шығаратуғын кәрханасының ашылыўы болып өтти.
Нөкисте жылына 50 мың дана ярым автомат кир жуўыў машиналарын ислеп шығаратуғын кәрхана ашылды
Кәрхананың улыўмалық баҳасы 1 миллион АҚШ доллары болып, жыллық қуўатлылығы 50 мың дана ярым автомат кир жуўыў машиналарын ислеп шығарыўға мөлшерленген. Кәрхананың иске түсиўи нәтийжесинде 30 жаңа жумыс орны жаратылды.
Нөкисте жылына 50 мың дана ярым автомат кир жуўыў машиналарын ислеп шығаратуғын кәрхана ашылды
Нөкисте жылына 50 мың дана ярым автомат кир жуўыў машиналарын ислеп шығаратуғын кәрхана ашылды
- Президентимиз тәрепинен берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Өзэлтехсанаат» ассоциациясы менен биргеликте усы кәрхананың жумысларын жолға қойдық, - дейди кәрхана директоры Сулайман Убайдуллаев. – Техникалық монтажлаў жумыслары жуўмақланды, Қытайдан алып келинген линиялар орнатылды ҳәм дәслепки басқышта ярым автомат кир жуўыў машиналарын ислеп шығарыў басланды.
Нөкисте жылына 50 мың дана ярым автомат кир жуўыў машиналарын ислеп шығаратуғын кәрхана ашылды
Еслетип өтемиз, мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң орынларда әмелге асырылып атырған жаратыўшылық ҳәм абаданластырыў жумыслары, социаллық-экономикалық реформалардың барысы менен жақыннан танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 2017-2018-жыллар даўамында Қарақалпақстан Республикасына болған сапарлары даўамында халықты сапалы электротехникалық қураллар менен тәмийинлеў бойынша айырықша тапсырмалар берген еди.
Нөкисте жылына 50 мың дана ярым автомат кир жуўыў машиналарын ислеп шығаратуғын кәрхана ашылды
Нөкисте жылына 50 мың дана ярым автомат кир жуўыў машиналарын ислеп шығаратуғын кәрхана ашылды
Сондай-ақ, Президентимиздиң «Электротехника санаатын еле де раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм тармақтың инвестициялық және экспорт потенциалын арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары усы тараўды раўажландырыўда үлкен қәдем болды.
Ашылыў салтанатына Нөкис қалалық ҳәкимлиги ҳәм басқа да уйымлардан жуўапкерлер қатнасты.
Мағлыўмат ушын, кәрханада алдағы ўақытлары турмыслық шаң жутқыш үскенелерин ислеп шығарыў бойынша жойбарлар әмелге асырылыўы жобаластырылмақта.

Ислам Матеков.

Автордың түсирген фотолары.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Пүткил Интернеттиң аўырлығы 64 мың дана қулпынайға тең

Пүткил Интернеттиң аўырлығы 64 мың дана қулпынайға тең

    Интернеттиң шамаланған салмағы есаплап шығылды. Итибар бериң, пүткил дүньяны жаўлап алған Интернет тек ғана 5,32

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...