
Кеше, яғный 3-ноябрь күни усы сораў дөгерегинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде журналистика тәлим бағдарының студентлерине семинар-тренинг өткизилди. Редакцияларда жумыс ислеўши журналистлер журналистика тәлим бағдарында билим алып атырған студентлер менен ушырасып, өзлериниң тәжирийбелери менен бөлисти. Сондай-ақ, студентлер өзлериниң қайсы редакцияларда әмелиятын өтегенлиги ҳәм оның қалай өткенлиги бойынша презентация иследи.

Олардың әмелият даўамында жүзеге келип атырған машқалалары талқыланды. «Қарақалпақстан жаслары» газетасының белгили журналисти Шүкирбай Сийпатдинов болажақ журналистлерге өзиниң мәсләҳәтлерин берди. Мақала жазыў сырлары, журналист жәмийетте өзин қалай услап тутыўы кереклиги бойынша пикирлерин билдирип өтти.

Бундай ушырасыў кешелериниң өткерилиўи болажақ журналистлердиң жақсы кадр болып жетилисиўи ушын өзиниң пайдасын тийгизеди.
Сахибжамал Есемуратова