Telegram karinform

Мәденият

  • 28.08.2019 16:23
  • 1539

«Стихия» фестивалына қайсы мәмлекетлерден ҳәм қанша адам қатнасты?

«Стихия» фестивалына қайсы мәмлекетлерден ҳәм қанша адам қатнасты?
23-24-август күнлери Мойнақ қаласында болып өткен «Стихия» электрон музыкалар фестивалына Англия, Испания, Германия, Дания, Франция, Голландия, Швеция, Жаңа Зеландия, АҚШ, Израиль, Қубла Корея, Грузия, Россия, Қазақстан ҳәм Түркменстан сыяқлы мәмлекетлерден туристлер, жергиликли халық ҳәм Өзбекстанның басқа аймақларынан мийманлар қатнасты. Қатнасыўшылардың улыўма саны 5000 адамды қураған болса, соның 500 и сырт елли ҳәм жергиликли туристлер болып табылады. Бул ҳаққында Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети хабар берди.
Илажды өткериўден баслы мақсет Мойнаққа сырт еллерден келетуғын туристлердиң ағымын көбейтиў, Өзбекстанда жаслар туризмин раўажландырыў ҳәм дүнья жәмийетшилигин Арал бойы экологиялық машқаласынан хабардар етиўден ибарат.
«Стихия» фестивалына қайсы мәмлекетлерден ҳәм қанша адам қатнасты?
Еки күн даўамында Alien Rain (Германия), Jamaica Suk (АҚШ), Yan Cook (Украина), Acronym (Швеция), Mama Snake (Дания) ҳәм Dj Sodeyama (Япония) сыяқлы белгили диджейлер жыйналғанларға көтериңки кейпият бағышлады.
Сондай-ақ, «Стихия» фестивалын сәўлелендириў ушын The Telegraph, Resident Advisor, NBC телеканалы, Deutsche Welle, Guardian сыяқлы дүньяға белгили сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер, сондай-ақ, Арал теңизи ҳаққында китап жазып атырған Джей Оуенс келди.
Атап өтиў орынлы NBC телеканалының журналистлери «Стихия» ҳаққында фильм ислемекте ҳәм оны Нью-Йорктағы кинофестивальда көпшиликтиң итибарына усыныўды мақсет еткен.
«Өзбекстанда бундай дәрежедеги илаждың өткерилиўин күтпеген едим, барлығы күткенимизден де зыяда! Мен художникпен ҳәм сол себепли бул илаж маған жаңа шығарма жаратыўым ушын илҳәм бағышлады. Әжайып тәбият қушағында усындай жасларға арналған илажлардың өткерилиўи елиңизде туризмди раўажландырыўға түртки береди», - деп айтып өткен израильлы туристлердиң бири.
Япониялы Dj Sodeyama пурсаттан пайдаланып Өзбекстан ҳүкиметине жаратылған имканиятлар, шөлкемлестирилип атырған усындай илажлар ҳәм мирәт етип шақырғаны ушын шын жүректен миннетдар екенлигин билдирди.
«Стихия» фестивалына қайсы мәмлекетлерден ҳәм қанша адам қатнасты?
Фестиваль жуўмақланыўы алдында ықтыярлылар тәрепинен исленген SEA инсталляциясы рәсмий түрде өртелди. Туристлер алдағы ўақытлары да Өзбекстандағы усындай илажларға қатнасыў нийетин билдирди.
Илаж «Факультет» жеке меншик шөлкеми, Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Centil Law ҳәм Peoples Travel, Гёте институты ҳәм Indorama тәрепинен шөлкемлестирилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт

Пүткил Интернеттиң аўырлығы 64 мың дана қулпынайға тең

Пүткил Интернеттиң аўырлығы 64 мың дана қулпынайға тең

    Интернеттиң шамаланған салмағы есаплап шығылды. Итибар бериң, пүткил дүньяны жаўлап алған Интернет тек ғана 5,32