Telegram karinform

Сиясат

  • 29.08.2019 12:47
  • 1734

Ғәрезсизлик байрамы қарсаңында Қарақалпақстаннан кимлерге мәмлекетлик сыйлықлар несип етти?

Ғәрезсизлик байрамы қарсаңында Қарақалпақстаннан кимлерге мәмлекетлик сыйлықлар несип етти?
Ўатанымыз ғәрезсизлигин беккемлеў, халқымыздың мәдениятын ҳәм мәнаўиятын арттырыў, миллий идеяны раўажландырыўға қосқан мүнәсип үлеси, жарқын таланты ҳәм көп қырлы дөретиўшилиги, илимий-инновациялық жумысы, жемисли хызметлери, жас әўладты ана ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында саламат ҳәм бәркамал етип тәрбилаў және жәмийетлик жумысларда белсене қатнасқаны ушын төмендегилер ҳүрметли атақлар менен сыйлықлансын.

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:


«Өзбекстан Республикасына мийнети синген денсаўлықты сақлаў хызметкери»

Ким Виталий Яковлевич – Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Нөкис филиалы 1-жанландырыў бөлиминиң баслығы

Халқымыздың илимий-интеллектуаллық потенциалын ҳәм мәнаўиятын арттырыў, билимлендириў, мәденият, әдебият, көркем өнер, денсаўлықты сақлаў, денетәрбия ҳәм спорт тараўларын раўажландырыўдағы хызметлери, Ўатанымыз ғәрезсизлигин беккемлеў, елимиздиң раўажланыўы, тынышлығы ҳәм турақлылығын тәмийинлеўге қосқан мүнәсип үлеси ҳәм жәмийетлик жумысларда көп жыл нәтийжели қатнасқаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:

II дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени менен


Ахмедова Марям Халилаевна – Әмиўдәрья районы ҳәкиминиң орынбасары – ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы

Ибрагимова Зухра Аметовна – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Қарақалпақстан Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы

«Дўстлик» ордени менен


Абдуллаева Гулджан Джумашовна – Ибрайым Юсупов атындағы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнин тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген мектеп-интернаты өзбек тили ҳәм әдебияты пәниниң оқытыўшысы

Алниязов Айтмурат Исмаилович – Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң Қарақалпақ гуманитар пәнлер илимий-изертлеў институтының директоры

Бегимов Мурат Полатович – Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрының бас режиссёри

Ешанова Тамара Кошановна – Қарақалпақстан Республикасы майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў ҳәм протезлеў орайының мийирбийкеси

Өтениязов Жуманияз Палўанович – Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр

Пирназарова Айгүл – Нөкис қаласындағы И.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейиниң үлкен илимий хызметкери

Хожабергенов Дәрибай Айтбаевич – Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының вокал артисти

Мәмлекетимизде социаллық ҳәм руўхый-ағартыўшылық тараўларда әмелге асырылып атырған реформаларда белсене қатнасқаны, жемисли мийнети, жас әўладты Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаўға қосқан үлеси ушын төмендегилер сыйлықлансын:

«Шуҳрат» медалы менен

Абдуллаева Дилназ Кеңесбаевна – Қоңырат районындағы «Wunderkind in Kungrad» мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң директоры

Базарбаев Полат Жолдасбаевич – Нөкис қаласындағы 2-балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң каратэ ҳәм спорт түри бойынша оқытыўшысы

Есемуратов Бахтияр Сағидуллаевич – Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң директоры, жыраў

Орынбаева Улбосын Әдилбаевна – Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими «Мухаллес» дуўтаршылар ансамблиниң бақсы-сазендеси

Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,
2019-жыл 28-август

Қарақалпақстан хабар агентлиги


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында