
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының 2019-жыл 28-август күнги №287 қарарына муўапық, Елмуратов Чаржаубай Маденович Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Мәлимлеме таллаў басқармасы жетекши қәнигеси лаўазымынан босатылып, Министрлер Кеңеси Мәлимлеме хызмети басшысы – Министрлер Кеңеси Баслығының баспасөз хаткери лаўазымына тайынланды.

Мағлыўмат ушын, жақын күнлер ишинде республикамыздағы барлық районлар, сондай-ақ, мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм басқарыў уйымларында баспасөз хаткери лаўазымына тайынлаўлар болыўы күтилмекте.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz