Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.09.2019 15:38
  • 1867

Қытайлы миллиардер Джек Маның студентлерге 6 кеңеси

Қытайлы миллиардер Джек Маның студентлерге 6 кеңеси
«Alibaba Group» компаниясының тийкарын салыўшы, қытайлы миллиардер Джек Ма 2017-жылы М.В.Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университетинде лекция оқыды. Ол студентлерге өз компаниясын қалай қурғаны, ақшаның қуны, технология ҳәм тиллерди үйрениўдиң әҳмийети ҳаққында айтып өткен еди. Төменде оның лекциясындағы әҳмийетли тәреплерди нәзериңизге усынамыз.

1) Мен көп қәтелестим, бирақ тоқтап қалмадым
Мен жас ўақтымда көп қәтелестим. Ҳәмме де қәтелеседи, ҳәммеде де машқала болады, бирақ әтираптағылардың олар менен жумысы жоқ. Ал биз жетискенликке ериссек, ҳәммеси бизиң өмиримизге, әсиресе, қәтелеримизге қызыға баслайды. Мен қәтелескен адамлар арқалы өз қәтемди қайталамаўды үйрендим. «Alibaba» компаниясында да көп қәтеликлер болды, бәри-бир аман қалдық. Мен түсинген ең әҳмийетли нәрсе – ҳеш қашан налынбаў.
Айырымлар көбинесе басқаларды айыплаў менен бәнт болады. Ал жетискенликке ерисетуғын адам «Бәлким, бир нәрсени дурыс ислемеген шығарман, бул мениң қәтем» дейди. Бизге басқа биреўлер не ушын жәрдем бериўи керек? Ҳәзир биреўдиң жәрдеминиң де ҳақысы бар.

2) Жетискенликке бирден ерисиў қыйын
Көп адамлар маған қарап, «Сиз уллы адамсыз» дейди. Негизинде мен оншелли уллы адам емеспен. Мен әпиўайы шаңарақта дүньяға келдим, қыйналып оқыдым, бираз ўақытқа шекем университетке кире алмай, кейин болса жумыс таба алмай жүрдим. Бирақ, мен ҳеш қашан тоқтап қалмадым, сизлерге беретуғын кеңесим сол. Есиңизде болсын, жетискенликке бирден ерисип болмайды. Өмириңизди жобаластырып атырған болсаңыз, он жыл алдыңызды ойлаң.
Жоқары оқыў орнынан соң сизлер кәсиплик хызметиңизди баслайсыз, қолларыңызда диплом. Бирақ, ол тек ғана қағаз. Ҳақыйқый имтихан – өмирдиң имтиханы.

3) Келешектен қорқпаң
Адамда ой-қыял менен өзине деген исеним болмаса, келешектен қорқа баслайды. Келешектен көп пул табатуғын адамлар да қорқады. Бирақ, бизде жоғалтатуғын ҳеш нәрсе жоқ. Мен бул сөзди өзиме 18 жасымда айтқан едим. Ол ўақытта бизлерде ақша болмады, сол себепли оны жоғалтамыз деп қорқпадық. Бизлерде айырылып қаламыз деп қорқатуғын технология да болмады. Биз келешекте электрон саўда ҳәм интернет әҳмийетли қуралға айланатуғынлығына исенип, 10-20 жылдан кейин усы тараўдың қәнигеси болатуғынымызды билип, усы менен шуғыллана басладық. Келешектен қорқпаң. Басқалар қорқыўы мүмкин, бирақ технологиялық революцияны ҳеш нәрсе тоқтата алмайтуғынлығын түсиниўимиз керек. Сиз албырап жүрдиңиз – революция болды, сиз албырамай жүрдиңиз – революция болды. Сонда албырап жүргениңизден мәни бар ма?

4) Бүгин сизге қыйын болады, ертең оннан да қыйын болады, ал арғы күни барлығы жақсы болады
Сонлықтан да, тынымсыз мийнет етиў керек. Ҳәр күниңиз қыйын болыўы мүмкин, бирақ ҳәр бир қыйыншылық сизди шыдамлы етеди. Аңсатлық пенен ҳеш нәрсе болмайды.
18 жылда «Alibaba» көп жетискенликке еристи, биз басқаларға қарағанда көбирек жумыс иследик. Күни-түни уйқламадық, былтыр өзим 867 саатымды самолеты өткериппен. Сол себепли, биз басқалар 70 жылда ислейтуғын нәрсени 18 жылда иследик.
Өз жолыңызды таңлаң. Президентлер не ойлайтуғынына басыңызды қатырып отырмаң. Тек сизлерге байланыслы болган нәрсени ойлаң. Путин дүнья тәғдирин қалай шешемен деп ойласа, ойлай берсин, ал сизлер университеттен кейин қалай ақша табаман деп ойланың.

5) Ең әҳмийетлиси ақша емес
Егер кимдур «менде ақша болса, ананы ислер едим, мынаны ислер едим» десе, «усындай ой менен сизде ҳеш қашан ақша болмайды» деп айтаман. Барлық нәрсе ақшаға байланыслы емес. Егер сиз шын мәнисинде өз жумысыңызды ислеп, өмирде бир жетискенликке ерисиўди қәлесеңиз, ақша өзинен-өзи келе баслайды.
«Alibaba» компаниясының дәслеп ақшасы болмады, бизлерге ҳеш ким төлемеди. Бизлердиң дәслепки табысымыз миннетдаршылық хатлары болды. Олар: «Сизлердиң маған усындай жәрдемиңиз тийип атырғанынан қуўанышлыман, бирақ, мениң сизлерге төлейтуғын ақшам жоқ» деп жазған. Бизлер: «Арзымайды!» деп жуўап бергенбиз. Себеби, биз өз қарыйдарларымыз кейин ала бизлерге ақша төлей алатуғын дәрежеге жетиўи ушын оларға жәрдемлесип жүрдик.

6) Тилди оны әпиўайы сөйлесиў ушын үйрениў жеткиликсиз
Тил билиў оғада әҳмийетли. Мәселен, сиз инглисше билмесеңиз, халықаралық бизнес пенен шуғыллана алмайсыз. Бирақ, тилди әпиўайы сөйлесиў ушын үйрениў жеткиликсиз. Келешекте жасалма интеллект жәрдеминде тил үйрениў зәрүрлиги қалмайды. Биз қулағымызға қулақлық (наушник) тақсақ болды, барлығын сиз ушын аўдармалап береди.
Биз өзге тилди үйрене баслағанда сол тилде сөйлейтуғынларды, олардың мәдениятын ҳүрмет ете баслаймыз. Егер сизге өзге елдиң мәденияты унамаса, сиз ҳеш қашан дос таба алмайсыз. Егер достыңыз болмаса, бизнес пенен қалай шуғылланасыз? Өзге тиллер маған көп жәрдемлести. Бирақ, оннан да әҳмийетлиси – мен өзге мәдениятларға ҳүрмет пенен қарай басладым.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы

Билимлендириў орынларында дем алыс узайтылады, жәмийетлик транспортларға бензин ушын компенсациялар бериледи – Жоқарғы Кеңес

Билимлендириў орынларында дем алыс узайтылады, жәмийетлик транспортларға бензин ушын компенсациялар бериледи – Жоқарғы Кеңес

    Ҳәзирги ўақытта республикамыз аймағында ҳаўа райының ҳәдден тыс суўып кетиўине байланыслы газ тармақларына басым күшейиўи