Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.09.2019 10:20
  • 1964

Мойнақ районында 20 кийикти атып өлтирген браконьерлер инспекторлардың машинасына қарай оқ атты (видео)

Мойнақ районында 20 кийикти атып өлтирген браконьерлер инспекторлардың машинасына қарай оқ атты (видео)
Мойнақ районы аймағында браконьерлер Қарақалпақстан Республикасы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети инспекторларына ҳүжим етти. Бул ҳаққында «Дарё» хабар берди.
Инспекторларға қарай атылған оқлар олар минген автомобильдиң 10 жерине тийген. Адамлар аман қалған.
Атап өтилиўинше, нызамсыз аңшылар 4-5 адамнан ибарат болып, олар менен тоғай хожалығы хызметкери де бирге болған.
Аңшылардың кийик аңлаўға шыққаны айтылмақта.
- Кеше бизге қараөзекли нызамсыз аңшылар кийик аўлаўға шыққан, деген сигнал болған еди. Олар машинасында кийик болғаны ушын қолға түспеўге ҳәрекет етип қашқан ҳәм инспекторлардың автомашинасына қарай оқ атқан. Оқлар автомобильдиң радиаторы ҳәм капотына тийип, жүрмей қалған, - дейди атын айтпаған жуўапкер адамлардың бири.
Ҳәзирги ўақытта браконьерлер қолға түскен ҳәм Қараөзек районлық ИИБде сақланбақта.
Хабарда жазылыўынша, браконьерлер 20 бас кийикти атып өлтирген.


Ислам Матеков аўдармасы.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

Муғаллим телефонды алып қойыўға ҳақысы жоқ дейсиз бе, алжасасыз! (+ видео)

Муғаллим телефонды алып қойыўға ҳақысы жоқ дейсиз бе, алжасасыз! (+ видео)

    Өзбекстан Республикасы Конституциясында Билимлендириў шөлкемлери аймағында ҳәм аудиторияларында телефонлардан пайдаланыў тәртиби белгиленген. Билимлендириў шөлкемине келгенде