
Илажды өткериўден мақсет, пәрманның мазмун-мәнисин әҳмийетин кең жәмийетшиликке, әсиресе электорат ўәкиллерине үгит-нәсиятлаў, онда белгилеп берилген баслы ўазыйпаларды додалаў, бул бағдарда партияның алда турған баслы ўазыйпалары бойынша мәселелер сөз етилди. Пәрманда пуқараларды сырт еллерде жәмлеспеген ҳалда жумысқа жайластырыў, олардың ҳуқықларын қорғаў механизмлерин күшейттириў, мийнет миграциясынан қайтып келген шахслар, сондай-ақ олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған анық ўазыйпалар белгиленди. Буннан тысқары сырт елде жумысқа жайласыў менен байланыслы болған қәрежетлерди төлеў ушын 2 миллион сўм муғдарында микроқарызлар бериў системасы енгизилмекте. Соның менен бирге ҳәр бир кепиллинген мийнет мигрантына жылына бир мәрте 50 мың сўм муғдарында шет елде мийнет жумысларын әмелге асырыў даўамында турмысы ҳәм саламатлығы және басқа да тәўекелшиликлерди кепиллеў бойынша кепиллик пулы суммасын қаплаў ушын суғурта компанияларына субсидия усыныс етиў тәртиби ислеп шуғылатуғын болды.
Сондай-ақ үй-жай шәраятларын жақсылаўға зәрүрлиги болған мийнет мигрантларына 2020 жылда көп қабатлы үйлерден республика бойынша жәми 3 462 үй ажыратылыўы нәзерде тутылған.

Илаж даўамында мәмлекетимиз басшысының усы пәрманы сырт елде мийнет етип атырған ҳәр бир Өзбекстан пуқарасы ендигиден былай итибарда, қорғаўда екенлиги, яғный мәмлекетимиздиң ҳәр бир пуқарасы ол қай жерде, қандай шәраятта мийнет етиўинен тысқары олардың ҳуқықлары мәмлекет қорғаўында алыныўы киби бир қатар жеңиллик ҳәм имканиятлар мазмун-мәнисин халыққа әсиресе бүгин сырт елде ислеў арзыўында жүрген жасларға жеткериў лазымлығы барысында анық ўазыйпалар белгилеп алынды.