Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.09.2019 15:22
  • 1234

1-январьдан баслап тойлардағы «гулянка»лар бойынша қатаң тәртип енгизиледи

1-январьдан баслап тойлардағы «гулянка»лар бойынша қатаң тәртип енгизиледи
Некени мәмлекетлик дизимге алыў, келин-күйеўлердиң тойханаға келиўи ҳәм кетиўи менен байланыслы илажларға 3 еўден көп болмаған жеңил автомашиналар ямаса жәмийетлик тәртипке қәўип пайда ететуғын басқа автомашиналардың қатнасыўына жол қойылмайды.
Бул ҳаққында бүгин Өзбекстан Республикасы Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты Кеңесиниң қоспа мәжилисинде бир даўыстан мақулланған «Той-мерекелер, шаңарақлық байрамлар, мәресимлер, марҳумларды ядқа алыў менен байланыслы илажларды өткериўди тәртипке салыўды буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы қарарда ҳәм оның уставында атап өтилген, деп жазбақта Kun.uz.
Сондай-ақ, шаңарақлық илажларға (жерлеў мәресиминен басқа) пуллы автотранспорт хызмети лицензияға ийе болмаған тасыўшылар тәрепинен көрсетилиўине жол қойылмайды. Буған той ийелериниң жеке автомашиналары және қәўендерлер тәрепинен шақырылған автотранспорт қуралларынан пайдаланыў жағдайлары кирмейди.
Қоспа мәжилисте бул ҳүжжеттиң 2020-жыл 1-январьдан баслап күшке кириўи ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...