Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.09.2019 10:50
  • 1685

1-октябрьден баслап автомобильлердиң баҳасы қымбатлай ма?

1-октябрьден баслап автомобильлердиң баҳасы қымбатлай ма?
1-октябрьден баслап машиналардың баҳасы қымбатламайды, деп хабар бермекте «UzAuto Motors» АЖ.
Компанияның хабарында жазылыўынша, 2019-жылдың 1-октябрь күнинен баслап елимизде ислеп шығарылған жаңа автотранспорт қуралларын сатып алғаны ушын Республикалық жол фондына төленетуғын 3% муғдарындағы жыйым буннан былай автотранспорт қуралларын ислеп шығарыўшылар тәрепинен төленеди.
Қарыйдарлар болса усы 3% лик төлемди буннан былай Ишки ислер уйымларында емес, ал автомобиль сатып алып атырған ўақытта автомобильдиң баҳасы менен бирге әмелге асырыўы керек болады. Бул қарыйдарларға қосымша қолайлық жаратады, - деп мәлим етпекте «UzAuto Motors» АЖ.
1-октябрьге шекем шәртнама дүзген, бирақ еле автомобилин алмаған қарыйдарлар менен қосымша келисимге қол қойылады ҳәм олар 3% лик төлемди автомобильди қабыллаў алыў ўақтында дилерлик кәрханасына төлейди.
«UzAuto Motors» АЖ 1-октябрьден баслап қосымша қун салығының төлеўшисине айланса да, автомобиль баҳалары Республикалық жол фондына төленетуғын төлемди есапқа алмағанда өзгериссиз қалдырылған.
Хабар соңында компания барлық қарыйдарларға дилерлик кәрханалары хызметкерлери тәрепинен баҳалардың қымбатлаўы бойынша берилип атырған басқа мағлыўматларға исенбеўди, барлық рәсмий мағлыўматлар тек ғана компанияның рәсмий сайтында жәрияланатуғынын еслетип өткен.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...