
Мийнетте таўланып қуяшқа күйген,
Мәрт баҳадыр халқы әдиўлеп сүйген,
Ақ пахтадан, аппақ таўларды үйген,
Пахтакешлер – Ассалаўма әлейкум!
Пахтакешлер айтқан сизге ҳармасын,
Бул ҳаўазым журтым бойлап жаңласын,
Пахта терген қолларыңыз талмасын,
Зәбердеслер – Ассалаўма әлейкум!
Шағаладай ашып турған таптағы,
Терип жүрген етек-етек пахтаны,
Киятырған ең алдынғы саптағы,
Алтын қоллар – Ассалаўма әлейкум!
Шәпик ҳәрекетин көзиң илмейди,
Тынып дем алыўды сирә билмейди,
Ҳәр күни жүз килодан кем термейди,
Шебер қоллар – Ассалаўма әлейкум!
Атызларда шағлап қосық айтады,
Ис хақысын ҳәр күн алып қайтады,
Ақ алтын, қырманларын байытады,
Пахтакешлер – Ассалаўма әлейкум!
Мийнетиниң көрип атыр жемисин,
Пахтакешим ҳасла бир жоқ кемисиң,
Жанын пидә еткен журты-ел ушын,
Баба дийхан – Ассалаўма әлейкум!
Пахтакешлер – Ассалаўма әлейкум!
Ақшолпан Аманияз 18.09.2019-жыл
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


