Telegram karinform

Спорт

  • 24.09.2019 11:28
  • 1979

Өзбекстан миллий сайланды командасына бас тренер тайынланды

Өзбекстан миллий сайланды командасына бас тренер тайынланды
«Бунёдкор» клубының тренери Вадим Абрамов Өзбекстан миллий сайланды командасына бас тренер етип тайынланды. Бул ҳаққында Өзбекстан футбол ассоциациясы хабар берди.
«Миллий сайланды командамызда буннан кейин Вадим Абрамов бас тренер сыпатында жумыс алып барады. ӨФА Тренерлер кеңеси елимиздеги белгили қәнигелердиң бири есапланған Вадим Карленовичтиң кандидатурасын мақуллады.
Хабарыңыз бар, Өзбекстан миллий сайланды командасы бул қәниге басшылығында Катар жасыл майданларында өткен Азия кубогы-2011 де континент бириншиликлериндеги өзиниң ең жақсы нәтийжесин көрсеткен. Сондай-ақ, миллий сайланды командамыздың сол ўақытлардағы әжайып ойынлары ықласбентлеримиздиң ядында елеге шекем қалған.
Вадим Абрамовқа тренерлер штабында Өзбекстан миллий сайланды командасы қатарында узақ жыллар даўамында табыслы ойын көрсеткен ҳәм ҳәзирги ўақытта тренерлик тараўында да қысқа ўақыт ишинде жедел өсимге ерисип, ықласбентлердиң исенимине ерискен Тимур Кападзе жәрдем береди.
Сондай-ақ, өзбек футболы ықласбентлерине жақсы таныс болған австралиялы тәжирийбели қәниге Мирко Йеличич футболшылардың физикалық таярлығы менен шуғылланады. Дәрўазаманлар менен Денис Иванков ислей береди», - деп жазылған хабарда.
Мағлыўмат ушын, Өзбекстан миллий сайланды командасы гезектеги ойынын ЖЧ-2022 сайлап алыў ойынлары шеңберинде 10-октябрь күни Ташкентте Йеменге қарсы өткереди, 15-октябрьде болса сапарда Сингапурға қарсы ойнайды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Social

Усыныс етемиз

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда