Тойлар ҳәм оларды ықшамырақ тәризде өткериў бүгинги күнде де актуаллығынша қалмақта. Оған жәмийетимиздиң ҳәр бир белсенди ағзасы өзлериниң пикирлерин билдирип келмекте. «Қарақалпақстан жаслары» газетасының 2019-жыл 19-сентябрь күнги санында белгили журналист А.Турекееваның «Тойлар көп, доллар көтерилди, айлықларымыз жете ме?» мақаласын сайтымыз оқыўшыларының дыққатына усыныўды мақул деп таптық.
Тоқшылықтың, тынышлық арқасында тойлар ҳәр күни болып атыр. Гейде үш-төрт жерден тойдың хабарын еситип, бир күн бурын үйдегилер менен бөлинип, барыўға урынасаң. Тойдан қалғың келмейди. Себеби, адам өмир бойы барын перзентлериниң тойына деп жыйнайды, той бергиси келеди. Жақынлары болса сол тойдың қатнасыўшысы болып, қуўанышларын бирге бөлиседи. Тойлардың саны да, аты да көбейип кетти. Адамлар әсиресе, ҳаял-қызлар әсте-әсте ҳәр түрли қәде-қәўмет, қулласы, дәбдебепазлықты көбейтип атыр. Дурыс, таўар бериў, қәделеў кем-кем азайып, бир жерлерде тоқтатылып атыр. Бирақ, орнына басқа нәрселер ойлап табыла бериледи. Гулянка (келин сейили) мәселеси ҳаққында талай мәрте айтылып атыр.
Машиналардың көплигинен, айдаўшылардың оларды тәртипсиз ҳалда, «ойнатып» айдаўлары ақыбетинде бахытсыз ўақыялар да ушырасып атыр. Ҳәтте, той себепшилери келин-күйеўлер де авария нәтийжесинде майып болып яки өмири менен хошласқан ўақыялар да болды.
Буны «тәрезиге салып» атырған жаслар жоқ. Яғный, жигит жоралары күннен бурын ҳәр қайсысы бир «Каптива»ға пул төлеп, той күни машиналар «кәрўанын» дизип қояды. Болмаса, «жигитлик» атына дақ түсиўи мүмкин. Баласы ушын ата-ана пул береди.
Ресторанлардағы айырым ойыншы қыз столларға бирим-бирим барып пул жыйнайды. Соң шаршап қалама, отырып алады. Тойға келгенлер өзлери ойнай береди. Ойыншылардың пул жыйнап шығыўы мәдениятымызға туўры келмейди.
«Love story» («Муҳаббат тарийхы»ның видео жазыўлары) менен келин-күйеўдиң үлкен плакатқа шығарылған фотосүўретлердиң ресторан алдына илдирилип турылыўы да күннен күнге ҳәўиж алып бармақта. Әлле қашан плакат арқалы еле «бети ашылмаған», елге халыққа таныстырылмаған, келиншектиң жүзин көрип үлгерген той мийманлары айырым жерлерде ресторанның өзинде-ақ өткерилип атырған «Бет ашар» мәресимине қатнаспастан-ақ кетип баратыр.
Тойдағы бундай дәбдебелер ҳаққында мениң өзим көплеген мақалалар жәриялағанман. «Дийўана гилемлер», «Дийўана гилемлер мадоннаға айланды», «Шашылған миллионлардың обалы», «Қырқ түйеге жүк болған дәстүрлер», «Той тойдай болсын», «Дәбдебелер тек тойларда емес», «Шешимин күтетуғын мәселелер…» ҳәм басқа да мақалаларым көпшиликтиң пикир таласларына себепши болды. Мениң айтажағым және сол гәплер емес. Той ийеси менен қоса жақынлары да ҳәзир төгилип-шашылады. Қыз узатыў той бериўшиниң жақынлары жүгине деп үлкен бир буйымды әпереди яки мол-молақай пул жыйнайды. Бир қыйлы етип таўар, костюм-шалбарларын әпереди. Кештеги жаслар тойына жақсы алтын апармасаң және уят. Сол таўсылмайтуғын той, таўсылмайтуғын уятқа жеңдирмейин деп ҳәрекетиңди етесең.
Ул үйлендирсе де аңсат емес. «Спискадан» зор болып өтиўиң керек. Оның да «Жаслар тойы»на туўысқанлар жақсы зат апармаса ортада уялып қалыўың мүмкин. Той мәўсиминде бир айда еки-үш жақының той берсе пул таба алмай жуўырғаның-жуўырған. Кеңес тойдан баслап үлкен той тарқағанша себил болып жүриўиң және бар. Себеби, туўысқанлық сондай болады. №оңсың той берсе де сондай. Дастурханды лыққа толтырып, қонық күтесең. Болмаса уят... Баўырсағын писиресең. Еки жай толған қонақты күтип болған соң дастурханды жыйнап жүрген кишкене қызым`
— Қонық күтиў ҳеш бир елде, ҳәтте Өзбекстанда да жоқ. Ҳеш бир менталитетте жоқ нәрсени ким ойлап тапқан? — деп сарсылғанда мен де ойланып қалдым.
Туўры, қоңсың да неше жылдан бирге иргелес болған соң жақын ағайиндей болып кетеди. Ертең сениң де қонағыңды күтеди дейсең. Деген менен биреўлер 4-5 мәрте той берсе, биреўлер бир-еки мәрте той береди. Бул жерде де ҳәй қойшы дейсең және...
Тойлар көп болсын, деген менен бәри орын-орнында болып, аз қәрежет пенен, ертеңимизди ойлап, «көрпемизге қарап аяқ узатсақ» болар еди...
БАЗАРДАҒЫ ҚЫМБАТШЫЛЫҚ ДОЛЛАРҒА БАЙЛАНЫСЛЫ ЕКЕН...
Базарға барсаң қымбатшылықтан гейде налынасаң... Кешеги арзан затлар бүгин еки-үш есе қымбат. «Ҳаў неге қымбатлады?» дейсең ерксиз.
— Доллар қымбатлады, — дейди қәлеген затты сатып турғанлар. — Жергиликли затларға доллардың не байланысы бар? — дейсең. Жуўаптың орнына сатыўшының жақтырмай силкингенин көрип қолыңдағы затты алып, пулын берип кете бересең. Доллардың курсы көтерилди. Өзимизде бар, жеримизден өнген, яки исбилерменлеримиз тәрепинен исленген затлардың долларға не байланысы бар? Писикшиликте тойып мийўе, палыз өнимлерин жесең денсаўлық ушын қаншелли пайдалы... Помидор 3-4 мың сум, шабдал 5-10 мың, алма 5-10 мың сум, тек жүзим арзан — 2-5 мың сум. Тойлардан, мерекелерден аўыстырып, кеште балаларым жесин деп сумкаларын көтерип, үйине асығатуғын ата-ананың қәдирин перзентлер билсе екен дейсең-аў...
Усы мәселе мени көп толқандырар еди. Бир мәрте газетада наспай сатыўшыға қарыйдар:
— Насыбай кеше арзан еди, неге қымбатлап кетти? — десе:
— Доллар көтерилип кетти ғо! — деген екен деп анекдот жәриялаған еди. Ҳақыйқатында да, оның долларға не байланысы бар? Биз айтқандай мийўе-палыз өнимлериниң ше? Ойлап турсақ буның екинши тәрепи бар екен. Сол мийўе-палыз өнимлерин сатып турғанлар ертең сол пулға сырттан долларға келип турған затларға саўда ислейди. Өз мүлкин ийт мутына пуллап, ертең керегин ала алмай турса... Демек, дүньядағы ҳәмме базарды доллар басқарып турыпты. Бул доллар үстемлигинен қутылыў мақсетинде үлкен мәмлекетлер Россия, Қытай ҳәр қыйлы шеклеўлерди турмысқа енгизип атыр. Оған дейин, яғный, доллар жылаўланаман дегенше еркин базардың нарқына көниўимизге туўры келеди екен.
ҲӘММЕСИНЕН ӨТКЕН МАШҚАЛА
Дурыс тойға барыў, базарда саўда ислеў ушын, әлбетте пул керек. Оның табылыўы да аңсат емес. Сол пулды ҳәр ким ҳәр түрли табады. Кимдур исбилермен, кимиси саўда тараўында, және биразлар заң хызметкери, муғаллим қулласы, түрли кәсип ийелери. Рети менен ҳәмме тараўдың хызметкерлери хошаметленип, айлықлары көбейип атыр. Ислегенине жараса баҳаланады. Журналистикаға да соңғы пайытлары итибар қаратылып, олардың ислери жеделлесип атыр. Телевидениедеги, радиодағы кәсиплеслеримиздиң «гонорарымыз көбейди» дегенине биз де қуўандық.
Бирақ, соңғы пайытлары газеталарымыздың жағдайлары улыўма төменледи. Ўақтында айлықларын ала-алмайды. Газетаға жазылыўды шөлкемлестиретуғын мәкемелер пулыңды бермей қыйнайды. Басқа жерге кетиўге неше жыл ислеген, тәжирийбе арттырған газетаңды, кәсиплеслериңди қыймайсаң. Тозыўы жеткен инвентарлар, компьютерлер (быйылғы жылғы кәсиплик байрамында берген таза компьютерди есапламағанда) «төгилип» кетейин деп тур.
Басқа жағдайларды айтып, майдалық етпейин. Газета редакцияларының жайласқан полиграфкомбинатының имараты ҳаққында 2018-жыл 8-февраль №6 (7970)-санында «Журналистиканың бүгинги машқалалары» (яки мүлгиген журналистлер ояның) атлы мақаламда айтып өткен едим. Имаратымыз сол турысы, қайта жылдан-жылға унырап, гөнерип атыр.
Жаслар аўқамының жәрдемине зәрүрмиз. Республикамыздағы жаслар да газетаны қоллап-қуўатласа еплеп «арбамыз»ды тартып кетер едик. Қәлбимде қалған бул гәплер бүгин және «бас көтерди». Шынында да газеталардың, ол жерде ислеўши журналистлердиң, техник хызметкерлердиң кейинги жағдайлары не болады? Арал теңизиндей мүлгип, неше жыллардан соң итибар қаратылғаны сыяқлы оларға да және «дәўран» қарар. Бозатаў районының қайта шөлкемлестирилгени ҳаққындағы мақаланы газетаға жайластырып отырып, қәлбимизде бизлерге де бир күни усындай итибар қаратылар деген үмит жылт етти. Интернет газеталарды «сындырды». Енди газеталардың не кереги бар? деўиңиз мүмкин. Газеталардың турмысымызда тутқан орны бөлекше. Қала берди, интернеттеги берилип атырған мағлыўматлардың көбиси үстиртин, ҳәттеки қәте, сондай-ақ, интернет «Өсек сөзлердиң уясы»на айланып атырғанын да жасырыўға болмайды.
Кемшиликти айтқан адам ҳәммеге де жаға бермейди. Буны билсем де кимдур булар ҳаққында айтылыўы керек ғой деп ойлайман.
Гонорар, жол ҳақы, мийнет дем алысында алатуғын материаллық жәрдем сыяқлы қосымша дәраматларды әлле қашан умыттық. Гейде азы-кем мийнет ҳақыларымызды ала алмай қыйналғанымызда кимлер бизиң арызымызды тыңлар екен-деймиз.
Газеталардың кем-кем журналистика тарийхынан өшиўин емес, өмириниң узақ болыўын ҳәр күни тилеймиз. Ким жеп атырған «наны»нан айрылғысы келеди?
Бүгинги күни 88 жыллық тарийхқа ийе газетамыздың «жүреги» еплеп соғып тур...
Шынымды айтаман деп сырымды айтқаныма өкинбеймен. Сонда да тойға, базарға, жумысқа барыўға өзлеримизде күш таба алғанымызға қуўанамыз.