
Усы жылдың 1-октябрь сәнесинен баслап Өзбекстанда қосымша қун салығы ставкасы 20%тен 15%ке түсирилгенлиги себепли билет баҳалары сәйкес түрде арзанлады, деп жазады Өзбекстан темир жоллары баспасөз хызмети. Қосылған қун салығы ставкасының төменлетилиўи Өзбекстан темир жоллары АЖниң барлық жергиликли ҳәм халық аралық поездлери ушын комиссия жыйнаўына да тийисли.
Сахибжамал Есемуратова
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


