Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.10.2019 13:05
  • 958

Тез жүретуғын адамның мийи жас болады

Тез жүретуғын адамның мийи жас болады

Жаңа Зеландияның қубла атаўында мыңға жақын қатнасыўшылар менен өткерилген изертлеў нәтийжесине муўапық, жүриў тезлиги мийдиң қартайыўы менен тиккелей байланыслы екен. Әстен жүретуғын адамлардың мийи қартайған болады.
Бул ҳаққында JAMA Network Open илимий басылымда келтирилген. Тәжирийбеде қатнасқанлар дәслеп 45 жаста болған. Алымлар оларды өмири даўамында бақлап барған. Жуўмақлаўшы басқышта МРТ жүриў тезлигиниң пәс болған адамларда мийдиң көлеми, оның қабығының тығызлығы жуқалаў екенлигин көрсеткен. Оларда майда тамырлардың кеселлиги анықланған. Бул жағдай болса, ақылы пәсликке ямаса ишемик инсултке алып келиўи мүмкин.
Изертлеў авторларынан бири Терри Моффиттиң айтыўына қарағанда, 70-80 жасында әстен жүриўшилер усы жаста тез жүретуғынларға салыстырғанда көбирек дүньядан өтеди. Изертлеў мектепке шекемги дәўирден қартайғанға шекемги басқышты өз ишине қамтыған.

Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда