
Өзбекстанда Президент университети шөлкемлестириледи, деп келтирилген Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясында.
Онда келтирилиўинше, халық аралық стандартлар ҳәм миллий дәстүрлер уйғынлығында жоқары тәжирийбели, заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе, ғәрезсиз пикирлейтуғын, профессионал кадрларды таярлайтуғын – Президент университетин шөлкемлестириў режелестирилген.
Сондай-ақ, жоқары билимлендириў менен қамтыўды кеңейтиў, жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярлаў сапасын арттырыў бойынша төмендеги илажлар әмелге асырылады:
- жоқары билимлендириў тараўында мәмлекет-жеке шерикликти раўажландырыў, аймақларда мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынлары, сондай-ақ, инвестицияларды тартқан ҳалда белгили сырт ел жоқары оқыў орынларының филиалларын шөлкемлестириў арқалы жоқары билимлендириўде бәсеки орталығын жаратыў;
- жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярлаўдың мақсетли параметрлерин Инвестиция бағдарламалары, аймақлық ҳәм тармақлық бағдарламалары, дүнья көлеминдеги технологиялық өзгерислерди есапқа алған ҳалда қәлиплестириў, бунда STEAM жөнелислерин раўажландырыў айрықша итибар қаратыў.
Сахибжамал Есемуратова
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


