
8-ноябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң журналистика тәлим бағдары 4-курс студентлериниң өтеген әмелияты бойынша есап тапсырыўы басланды. Есап тапсырыў төрт күн даўам етеди ҳәм оның дәслепки күни олар 4-сентябрь ҳәм 4-ноябрь күнлери аралығында жергиликли ғалаба хабар қуралларында өтеген әмелияты ҳәм оның қалай өткенлиги, ғалаба хабар қуралларында жәриялаған материаллары ҳәм әмелият даўамында ушырасқан қыйыншылықлар туўралы презентация менен айтып өтти.

Журналистика тәлим бағдарының әмелият өтеп атырған студентлери ҳәптениң ҳәр шемби күни кафедраларға ҳәпте даўамында ислеген жумыслары бойынша есап тапсырып туратуғын еди. Студентлердиң оқыўдан тысқары ғалаба хабар қуралларында усындай әмелиятларда болыўы олардың келешекте жетик журналист болып жетилисиўине жәрдем береди.
Сахибжамал Есемуратова