Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.10.2019 21:03
  • 1168

ҚМУ доценти Ташкенттеги педагог кадрларды қайта таярлаўшы орайда баянат жасады

ҚМУ доценти Ташкенттеги педагог кадрларды қайта таярлаўшы орайда баянат жасады

Бүгин, 21-октябрь – Өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген сәне мүнәсибети менен Өзбекстан Миллий университети жанындағы педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин арттырыў тармақлық орайында илаж өткерилди. Онда Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети халық аралық журналистика теориясы ҳәм әмелияты кафедрасы баслығы, доцент О.Тошбоев, сондай-ақ, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Журналистика кафедрасы доценти, ф.и.к. З.Оразымбетова «Тил – миллийликтиң тийкарғы критериясы» атамасында баянат жасады.

ҚМУ доценти Ташкенттеги педагог кадрларды қайта таярлаўшы орайда баянат жасады

Буннан соң ТашПТИ академиялық лицейи Социаллық пәнлер кафедрасы оқытыўшысы Г.Қудратова ҳәм Самарқанд мәмлекетлик шет тиллери институты академиялық лицейи үлкен оқытыўшысы С.Саъдуллаевлар шығып сөйлеп, өзбек тилиниң қәлиплесиў басқышлары, бүгинги жағдайы бойынша пикирлерин билдирип өтти. Илаж пикир алмасыў тәризинде даўам етти.

Сахибжамал Есемуратова

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан