
Ташкенттеги Алмазар районындағы 146-санлы мектептиң 9-класс, 15-жасар оқыўшысы жәнжеллесип қалған 10-класс, 16-жасар оқыўшыны пышақлады, деп хабар берди ИИМ. Ўақыя ҳаққында ИИМне 21-октябрь күни саат 10:00 де хабар келип түскен. Денеге жеткерилген жарақатлар ақыбетинде өспирим емлеўханаға жатқызылған. Ҳәзирде тергеўге шекемги тексериў жумыслары алып барылмақта.
Сахибжамал Есемуратова
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz