Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.10.2019 09:21
  • 1994

Қанлыкөлдеги қәбиристанда сүйиклиси ҳәм өзин пышақлаған жигитке суд ҳүкми оқылды

Қанлыкөлдеги қәбиристанда сүйиклиси ҳәм өзин пышақлаған жигитке суд ҳүкми оқылды

Қанлыкөл районында усы жылдың март айында басқа биреўге турмысқа шығып кеткен сүйиклиси ҳәм өзин пышақлаған 24 жаслы жигитке суд ҳүкми оқып еситтирилди, деп жазады ЎзА.
Қарақалпақстан прокуратурасының «Ғәрезсизлик ҳәм нызам» газетасының хабар бериўинше, A.Теңелбаев Ташкент қаласында қала қурылысы жумысларында жүрип, сүйиклиси С.Қуралбаеваның басқа жигитке турмысқа шыққанлығын еситкен. Ол қызға қоңыраў етип, ўақыяны анықластырған ҳәм Ташкенттен Нөкис қаласында қыздың оқып атырған оқыўына барған. Соң екеўи бир-бирине берген ўәдесине муўапық, бирге бул дүньяны тәрк етиўге келискен. Ертеңине бул исти әмелге асырыўға келискен екеўи қәбиристанға келген. Жигит өзине базардан пышақ сатып алған. Белгиленген орынға келип, жигит сүйиклисиниң өмирлик жолдасына қоңыраў етип «сен ислеген қәтени дүзетпекшимен. Ол саған да, маған да жоқ» деп айтқан.
Дәслеп жигит қыздың шеп көкирегине еки мәрте, мойын ҳәм қарнына үш мәрте пышақ урған. Оннан соң өзин де пышақлаған. Бирақ, ўақыя орнына келген қыстаўлы тез жәрдем жигиттиң өмирин сақлап қалған. Жағдай бойынша суд ислери алып барылып А.Теңелбаевқа Жынаят Кодексиниң 97-статьясы 1-бөлими менен 12 жыл азатлықтан айырылыў жазасы тайынланған.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар