
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Евразия педагогикалық университетлери ассоциациясы ағзасына айланды, деп хабар берди институттың мәлимлеме хызмети.
Бул илаж институт ректорының Москва педагогикалық мәмлекетлик университети (МПМУ)не сапары даўамында әмелге асырылды.
Евразия педагогикалық университетлери ассоциациясы (ЕПУА) 2015-жылы Алматы қаласында ҒМДА мәмлекетлери педагогикалық университетлери ректорлары жыйналысында шөлкемлестирилген. Ассоциацияға 48 университет ағза болған.
Ассоциацияның шөлкемлестириўшилери МПМУ ҳәм Абай атындағы Қазақ миллий педагогикалық университети есапланады. Ассоциация коммерциялық емес шөлкем болып, оның қурамына Евразия регионындағы, соннан Өзбекстан, Қырғызстан, Беларусь, Қазақстан, Армения ҳәм Россия мәмлекетлериндеги жоқары оқыў орынлары кириўи мүмкин.

Шөлкемниң тийкарғы хызмети төмендегише:
- ҒМДА мәмлекетлериндеги Ассоциацияға ағза болған университетлер арасында халық аралық бирге ислесиўди шөлкемлестириў ҳәм педагогикалық билимлендириўди раўажландырыў;
- Ағза университетлерде билимлендириў бағдарламасы ҳәм илимий изертлеўлер сапасын арттырыў;
- педагогикалық ҳәм илимий-педагогикалық кадрларды таярлаўда, фундаментал илимий изертлеўди кеңейтиўде ҳәр қыйлы дәреклерден қаржылай ҳәм материаллық ресурсларды тартыў;
- Ағза университетлердеги студентлер, аспирантлар, оқытыўшылар ҳәм басқа категориядағы хызметкерлердиң социаллық раўажланыўына қаратылған мәселелерди шешиў;
- Ағза университетлер арасында билимлендириў, илим, мәденият, экология, халық аралық қәўипсизлик ҳәм социаллық прогресс тараўларында бирге ислесиўди орнатыў;
- Педагогикалық университетлерде педагогикалық билимлендириў ҳәм илимий изертлеўлер өткериў саласында халық аралық сапа стандартларын қолланыў;
- Педагогикалық билимлендириў системасында бирден-бир мәлимлеме мәканын раўажландырыў.
Ассоциацияның президенти МПМУ ректоры есапланады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


