Telegram karinform

Мәденият

  • 11.11.2017 13:25
  • 2515

XIX әсир сүўретшилери XXI әсирди қалай көз алдына келтирген?



«En L’an 2000» деп аталған сүўретлер галереясы ҳаққында билесиз бе? Бул галереяны 1900-жылы Парижде болып өткен халықаралық көргизбеге Жан Марк Коте басшылығындағы бирнеше сүўретши таярлаған. Оның өзгешелиги – сүўретлер келешекти болжап, XXI әсирде дүньяда жүз бериўи мүмкин болған өзгерислерди сүўретлеген. Көргизбе жуўмақланғаннан соң сүўретшилердиң мийнетлери кең жәмийетшиликтиң талқылаўына себепши болған екен. Таңқаларлық тәрепи сонда, «En L’an 2000» көргизбесиндеги айрым сүўретлер келешектеги, яғный бизлер ушын бүгинги күндеги өзгерислерди анық болжай алған. Massaget басылымы усындай сүўретлерди жәриялады.

«Ушар өрт өшириўшилер»



Жақында Дубай өрт өшириў хызметинде джетпактың жәрдемине сүйенетуғынлығын хабарлады. Бул адамларды тилсиз жаўдан қорғаў жумысларын бирқанша жеделлестиреди. Бирақ, сүўретте көрсетилген қанатлы өрт өшириўшилердей емес. Солай болса да, сүўретшиниң болжаўы әмелге асты, деп есаплаўға болады.

«Видеоқоңыраў»



Қолға услаўға қолайлы кишкене қурылмалардың пайда болатуғынлығын ҳәм усы қурылмалар жәрдеминде бираз жумысларды атқарыў мүмкиншилигиниң болатуғынлығын сол заманларда болжаў үлкен жаңалық еди. Бүгинги күни болса бул әмелде орынланды.

«Үйди тазалайтуғын роботлар»



Үйди тазалаўда пайдаланылатуғын шаң жутқышлардың пайда болғанына бираз ўақыт болды. Ал роботлар еле барлық еллерге тарқалып үлгермеди. Деген менен, японлардың ойлап табыўлары нәтийжесинде болжаў орынланды. Роботлардың жәрдеминде үйди тазалаў бираз жеңиллести.

«Молекуляр аспазлық»



Химия-физикалық изертлеўлердиң нәтийжесинде ҳәзирги ўақытта аўқат писириўдиң «молекуляр аспазлық» деген түри дүньяға белгили болмақта. Бундай усылда таярланған тағамлардың сыртқы көринисинде өзгерис болса да, оның калориялылығы, қурамы ҳәм мазасы сақланып қалады. Бул болжаў да әмелге асты.

«Электро роликлер»



Өзлигинен ҳәрекетленетуғын электро роликлер ҳәзирги күнде көпшиликке белгили. Бул тараўда адамлар болжаўшы сүўретшилердиң фантазияларынан да озып кетти.

«Қурылысшы роботлар»



Жай салатуғын 3D принтерлердиң пайда болыўы қурылыс тараўындағы үлкен жаңалық болды. Сүўретшилер бул көринисти басқаша көз алдына келтиргени менен, олардың «Басқарыўшысы болса, жайды техниканың өзи салады», - деген болжаўы анық әмелге асты.

«Аудиогазета»



Көшеге шығып, газета сатып алмай-ақ, үйде отырып барлық жаңалықлардан хабардар болыўды усы галерея сүўретшилери оғада әрман еткен сыяқлы. Олардың бул әрманы XXI әсирге шекем орынланды. Сүўреттеги аудиогазета бүгин бизде радио, аудио-подкаст, аудиокитап формасында жүзеге келди.

«Ҳаўа кемелери»



Өмир қайнап атырған XXI әсирди океанлардың үстинен ушып өтетуғын ҳаўа кемелерисиз көз алдыға келтириў мүмкин емес. Адамзаттың бүгинги жетискенлигиниң көпшилиги мәмлекетлер арасындағы жолдың самолётлар арқасында қысқарыўының арқасында болып отыр. Ҳаўа кемелери ҳаққында болжаў анық орынланғаны менен, сүўретшилер оның сыртқы формасын басқаша көз алдына келтирген.

«Ушар машиналар»



Бул болжаў анық орынланды, деп айтыў қыйын. Бирақ, соңғы жыллары бундай машиналарды сынақтан өткерип атырған компаниялардың саны артып бармақта. Адамзаттың бундай машиналарға минетуғын күни жақын екенлиги белгили болмақта.

Булар сүўретшилердиң әмелге асқан болжаўлары еди. Кейинги материалларымызда еле әмелге аспаған, бирақ, орынланыў алдында турған болжаў сүўретлерин жәриялаймыз.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

    Мийнет кодексиниң 401-статьясына тийкарланып, он еки жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баланың яки он

33 жастан кейин перзент көрген ҳаяллар көп жасайды

33 жастан кейин перзент көрген ҳаяллар көп жасайды

    Бостон университети жанындағы медицина мектеби алымлары 30 жасқа шекем туўған ҳаяллардан көре 33 жастан кейин

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети