Жиззахта усы жылдың 27-сентябрь күни саат 15:00 лерде жол шетине таслап кетилген жаңа туўылған бала табылды, деп жазады Daryo.uz.
Бала Зомин районында жасаўшы 2 пуқара тәрепинен Шароф Рашидов районынан өтиўши жолдың 292 километринде «Жиззах-Зарбдор» жөнелисиндеги жол шетинен 4-5 метр узақлықтан табылған.
Хабарда жазылыўынша, нәресте ақ реңли таўарға оралған ҳалатта қара реңли полиэтилен пакет ишинде таслап кетилген. Оны таўып алған шахслар Жиззах ўәлаяты перенатал орайына алып келип, медициналық жәрдем көрсетилиўине қарамастан, бала 29-сентябрь күни дүньядан өткен.
Суд медициналық экспертизасының жуўмағына муўапық, қыз нәресте шала туўылған. Бала табылған ўақытта оның туўылғанына кеминде 1 сутка болған.
Жағдай бойынша Шароф Рашидов районы прокуратурасы тәрепинен Жынаят кодексиниң 117-статьясының 2-бөлими бойынша жынаят иси ашылған.
Сахибжамал ЕсемуратоваСайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz