
Энергетикалық ишимликлер рекламасында төмендегилер қадаған етиледи, деп жазады Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң telegram каналы:
- саат 7-00 ден – 22-00 ге шекем энергетикалық ишимликлерди телевидение ҳәм радио арқалы реклама етиў;
- энергетикалық ишимликлер үлгилерин 18 жасқа толмаған шахслар арасында бийпул тарқатыў;
- 18 жасқа толмаған шахслар арасында энергетикалық ишимликлердиң аты ямаса сүўрети түсирилген футболкалар, бас кийимлер, ойынларды ҳәм усыған уқсағанларды тарқатыў ҳәм сатыў;
- тийкарынан балалар ушын мөлшерленген газета ҳәм журналларда, медицина, спорт ҳәм билимлендириў мәкемелеринде энергетикалық ишимликлерди реклама етиў.
Толық мағлыўматты төмендеги силтеме арқалы билиўиңизге болады:http://www.lex.uz/acts/2001187
Сахибжамал Есемуратова
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz


