
Усы жылдың 22-24-ноябрь күнлери аралығында Ташкент қаласында өткерилген «Open Asia» халық аралық фестиваль ҳәм таңлаўында «Айқулақ» ансамбли тәрбияланыўшылар Гран-при жеңимпазы боды.

Ташкент қаласы ҳәкимлиги, Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Сырткы ислер министрлиги, Өзбектуризм тәрепинен шөлкемлестирилген Өзбекстандағы «Open Asia» халық аралық Европа таңлаўының «Folk dance» номинациясы бойынша II жас категориясы яғный 10-12 жас аралығындағы балалар арасында өзлериниң талантларын көрсетип, ең жоқары балл топлаўға еристи. Балаларды аяқ ойынға Сардарбек Жаңабергенов ҳәм Әдилбек Хожамбергеновлер таярлаған.

Сахибжамал Есемуратова
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz