Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.01.2020 15:01
  • 1471

Теңизге талпынған жүрек (дүрким)

Теңизге талпынған жүрек (дүрким)
Аққамыстың ариясы

Мен усы мәканның садық улыман,
Теңиз анам мениң ҳәзир қурыған.
Қабырғаңыз қайысыўы, ытымал,
Тәғдиримниң таўқыметли жырынан.

Толған теңиз еди тартатын көзди,
Ким көрсе, дәрриў кеп ийегин созды.
Созылған ийеклер, тойымсыз көзлер,
Биратола қуртып тынды теңизди.

Бул жағыслар болып қалды қанжағыс,
Бизлер едик сол теңизден қалған из.
Үмит етиў, түўе, суўдың келиўин,
Топырақтың дузлығынан қорқамыз.

Бул жағыслар суўлы емес, қанжағыс,
Өмиримиз арпалыстан арпалыс.
Арпалысқа айландырған адамлар,
Етти талай үстимизден ат шабыс.

Бул жағыслар суўлы емес, қанжағыс,
Кимсеси жоқ бул жерлерде ҳеш қалыс.
Тап өзлери қуртып болып Аралды,
Барлығында ҳайран қалыў, таңқалыс.

Сорамас едим мен тек өзим ушын,
Тоналған теңиздиң балығын, қусын.
Пүткил жер шарында адамның бәри,
Жуўап берип атыр теңизим ушын...


Сексеўил менен сырласыў

Мени жерге себиң, өсейин көкке,
Аспанға умтылған мәрдана журттай.
Биз үлги болайық дүняға, көпке,
Егер пайдам тийсе, мениң де қурттай.

Бунда жасап атқан дана халық бар,
Тынбай туқым шашар көкреги толып.
Аянбай бойдағы күшин сарыплар,
Бирге татыўлықтың символы болып.

Бунда ушып жүрген қуслар да ҳайран:
« – Мийримли екенғой инсан дегениң ».
О, Оксарт теңизи қура алса сайран,
Бериўге тап-тайяр, ҳәтте, жүрегин.

Қаңғыған қаңбақлар қайталмай изге,
Буннан кетип еди көшип қайларға! ?
Аққамыс, сексеўил садық теңизге – ,
Терең тамыр урып қалған жайларға.

Үшсайдан үңилип қарасаң ҳәргиз,
«АН–2» көринер туқым себетин.
Жоқ болып кетсе де, айбатлы теңиз,
Инсанлар жоқ болмас нийет ететин.

Мени жерге себиң, теңиз ултаны,
Қуп-қурғақ топырақ болып қалмасын.
Теңизди бир ойсыз әўлад қуртқаны,
Келеси урпаққа үлги боп қалсын.

Мени жерге себиң, Пидәйы жаслар!
Сизлердей өсейин көкке бой созып.
Кетсин әўелгидей қайнаған өмир,
Және тиришилик базары қызып.

Жерге себиң мени, менлик муҳаббат,
Сизлик сезимлерден пәт алып өссин.
Жаслардың мәртлиги дүньяны шарлап,
Әлемниң нәзери теңизге түссин!!!

Базарбай Жолдасбаев,
Бердақ атындағы ҚМУдың қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети студенти.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Жүрек ушын пайдалы ишимликлер

Жүрек ушын пайдалы ишимликлер

    Суў Егер суў жеткиликли болмаса, қан қойыўласып баслайды ҳәм жүрек тез ислейди, бул оның шаршаўына

Кимлерге грипп тез жуғады?

Кимлерге грипп тез жуғады?

    Грипп жуқтырыў ҳәм оның аўыр белгилерин бастан өткериў қәўпи жоқары болған ҳәм мәўсимнен алдын емленетуғын

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

    Бүгинги күнде китап оқыйтуғын адамлар көпшиликти қураса да, технологиялар, соның ишинде интернет раўажланып, өмиримиздиң бир