
Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен илим ғайраткери, Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң ағзасы, юридика илимлериниң докторы, профессор Елизавета Қутыбаеваның 60 жыллық юбилейи мүнәсибети менен салтанатлы мәжилис болып өтти.

Мәжилисти илимий ислер бойынша проректор М.Тагаев ашып берди ҳәм алып барды. Буннан соң ю.и.д. Қ.Умарова Елизавета Қутыбаеваның өмири ҳәм илимий педагогикалық хызмети туўралы сөз етти. Жоқарғы Кеңес комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын жетилистириў институты ректоры Б.Нурабуллаев, Ташкент мәмлекетлик педиатрия медицина институтының Нөкис филиалы директоры О.Атаниязова ҳәм тағы да басқалар шығып сөйлеп, Елизавета Қутыбаеваны туўылған күни менен қутлықлады.

Университетимизде дәслеп ҳуқықтаныў кафедрасында биринши қәнигелердиң бири сыпатында билим алған Е.Қутыбаева бүгинги күнде усы университетте жасларға сабақ бермекте. Ол 1985-жылы кандидатлық, ал 1999-жылы докторлық диссертациясын жақлаған. 38 жылға жақын илимий-педагогикалық хызмети дәўиринде, яғный бүгинги күнге шекем оның 15 тен аслам сабақлық ҳәм оқыў қолланбалары баспадан шыққан. Елизавета Қутыбаеваның бул мийнетлери ылайықлы баҳаланып, «Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў ағласы» ҳәм «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен илим ғайраткери» ҳүрметли атақлары берилген.

Биз Елизавета Қутыбаеваны бул юбилей жасы менен шын жүректен қутлықлап, жасларды тәрбиялаўдай әдиўли, машаққатлы жумысларында табыс тилеп қаламыз.

Сахибжамал Есемуратова